Инсан қәдир қымбаты ҳәмме нәрседен үстин елимизде әсиресе, социаллық жәрдемге мүтәж болған пуқараларға болған айрықша итибардыӊ көринисин биз
Республикамыз бойлап ашылып, өз хызметлерин халыққа усынып атырған Инсан социаллық хызметлер орайлары мысалында гүўасы болмақтамыз. Ҳәр бир тараўда көплеген жаӊалықлар, өзгерислер болмақта. Сөзимиздиӊ дәлили ретинде Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жылдыӊ 1-июнь күнги «Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў ҳәм оныӊ нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплекс илажлар ҳаққындағы» Пәрманы тийкарында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы социаллық қорғаў миллий агентлиги сондай-ақ оныӊ Қарақалпақстан Республикасы ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқармалары район, қалаларында Инсан социаллық хызметлер орайлары шөлкемлестириў белгиленген еди. Усы тийкарда социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ Кегейли районындағы Инсан социаллық хызметлер орайыныӊ жаӊа имараты пайдаланыўға тапсырылды. Инсан социаллық хызметлер орайында енди 49 түрдеги хызметлер көрсетиледи.
Тийкарынан көрсететуғын хызмет түрлерине тоқталсақ. Дәслеп халықты социаллық қорғаў бағдарындағы мәмлекетлик сиясат ҳәм ис илажларды ислеп шығыў, майыплығы болған шахслар менен ислесиў системасын жетилистириў, жас өспиримлерди қорғаў, бала асырап алыў, басым ҳәм зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлар ҳәм олардыӊ балаларын қорғаў, сондай-ақ социаллық қорғаўға мүтәж балалар ҳуқықлары ҳәм еркинликлери майыплығы бар инсанлардыӊ ҳуқықларын қорғаўды шөлкемлестириў, түрли бағдардағы социаллық напақаларға булардыӊ барлығына халықтыӊ мүрәжәтлери тийкарында усы орайда жәрдем қөрсетиледи. Бизлердиӊ топарымызға ҳәр бир шаӊарақтыӊ ҳақыйқый жағдайын үйрениў, социаллық хызметлер ҳәм жәрдемге болған мүтәжликлерин анықлаў, жәрдемге мүтәж болған пуқаралар менен жумыс өнимдарлығын асырыў сыяқлы ўазыйпалар жүклетилген. Бүгин пайдаланыўға тапсырылған орайда халыққа хызмет көрсетиў ушын барлық шараятлар жаратылған.
Жулдыз ОҢҒАРБАЕВА,
Кегейли районы «Инсан» социаллық хызметлер орайы «Ақтуба» АПЖ ҳәм «Мәденият» МПЖ 4-аймақ 2-участкасына комплекс социаллық хызмет көрсетиўши қәниге.
