ҚУРЫЛЫСЛАРДЫ ӨРТТЕН САҚЛАЎ

Соңғы ўақытларда Президентимиздиң пуқараларды арзан ҳәм де қолайлы үй-жай менен тәмийинлеўге қаратылған көрсетпе ҳәм тапсырмалар тийкарында мәмлекетимизде, сол қатарда районымызда да үлкен жаратыўшаңлық ислери әмелге асырылмақта. Район айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепинен тазадан салынып атырған қурылысларда өрт қәўипсизлиги қағыйдаларының белгиленген талап тийкарында орынланыўы бойынша жуўапкер болған ҳәм де техник мөлшерлеў экспертиза жөнелисинде хызмет алып барып атырған хызметкерлер тазадан салынып атырған үй-жай комплекслеринде болып, пуқаралар қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм материаллық байлықларын өрттен қорғаў бойынша бир қатар профилактикалық илажлар өткермекте.
Тийкарынан әмелдеги қурылыс норматив талапларына тийкар жойбар ҳүжжетлеринде көрсетилген имарат, пундамент беккемлиги, қурылыс конструкцияларының туўры таңланғанлығы ҳәм де итималлы өртлердиң сапластырыўда керекли өртке қарсы суў ҳәўизлерин шөлкемлестириў, суў тармақларын тартыў, имаратларды қәўипсиз ысытыў системасын жаратыў, электр сым ҳәм кабеллерин электр қурылмаларын орнатыў қағыйдаларына тийкарланып монтаж етиў ислерин хәм басқа жойбар шешимлерин орынлаў әмелиятын көзден өткерип, белгиленген талапларды бузыўға жол қойылыўына шек қөйылмақта. Үйрениўлер кәм тексериўлер даўамында қурылыста қатнасып атырған жуўапкер басшылар кепсерлеўши ҳәм исши хызметшилер қатнасында таза қурылыс орынларында сәўбетлер өткерилип, өрт қәўипсизлигине байланыслы темаларда қәнигелер түсиниклер алып барды.
М.Казахбаев,
Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими Норматив-техник бөлимшеси баслығы капитан.