2024-жылдың 1-апрель жағдайына көре, барлық түрдеги хожалықларында атлар бас саны 27,8 мыңға жетти. Өсим пәти 2023-жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 106,7.% ти қурады.
Атлар бас санын хожалық түрлери бойынша анализ қылар екенбиз, ең үлкен көлеми – 19,9 мың бас дийқан ҳәм қыйтақ жер хожалықларына туўра келетуғынлығын атап өтиў керек.
Халықтың жан басына жалпы аймақлық өними қанша?
2024-жылдың январь-март айлары жуўмақларына көре, Қарақалпақстан Республикасында халықтың жан басына есапланған жалпы аймақлық өним көлеми 3 525,6 мың сумды қурады. 2023-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 4,2 % ке өсти.
Ҳәрекеттеги жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер саны
2024-жыл 1-апрель жағдайына бола, Қарақалпақстан Республикасында ҳәрекеттеги 21 350 коммерциялық кәрхана ҳәм шөлкемлердиң 16 574 жуўапкерлиги шекленген жәмийетлер үлесине туўры келеди. Усы жәмийетлер мәмлекетимизде исбилерменлик искерлигиниң ең кең тарқалған формасы есапланады.
Ишимлик өнимлерин ислеп шығарыў санааты
2024-жылдың январь-март айлары жуўмағына бола, Қарақалпақстан Республикасында ишимлик өнимлерин ислеп шығарыў санааттың ислеп шығаратуғын санаат қурамындағы үлеси 2,1 % болып, өткен жылдың тийисли дәўирине салыстырғанда физикалық көлем индекси 93,6 % ти қурады ҳәм ислеп шығарыў көлеми 86,4млрд. сумды қурады.
Автомобиль транспортында жолаўшы тасыў хызметлери
2024-жылдың январь-март айларында Қарақалпақстан Республикасында автомобиль транспортында жолаўшы тасыў хызметлериниң улыўма көлеминде киши исбилерменликтиң үлеси 93,7 % ти қурады. 2023-жылдың тийисли дәўирине салыстырғанда өсим пәти 101,8 % ти қурады.
ҚР статистика басқармасы мәлимлеме хызмети.
