МИЛЛИЙЛИГИМИЗДИ ДҮНЬЯFА ТАНЫТСАМ…

– Он бир жасымда қолыма қәлем алып, нағыс түрлерин сызып үйренсем, он бес жасымда тигиўди басладым. Анам қолыма ийне-сабақ услатып, қәлбиме мөрлеген өнерлери менен бүгинги күни өнерли өнермент болып танылып ҳәм халқыма хызмет етип атырғанымнан қуўанышлыман, – дейди қолы гүл шебер ийеси Ферида Базарбаева.
Шаңарағымыз өнерментлер шаңарағы, әкем Базарбай Узақбаев ойма дуўтар соғып, анам Алтын Төренова миллий қурақ қураса, мен миллий кестешилик пенен шуғылланып келмектемиз деп сәўбетимизди баслағанымызда…
– Апа, кеширерсиз, қарыйдар келип тур, хабарласып жиберейин, – деген Фериданың миллий нағыслар менен қурақлардың бирме-бир атамалары менен мағлыўматларды бериўинен кәсиптиң нағыз қәнигеси ҳәм келешеги екенлигинен расынан сүйсинип отырдым.
Ҳәзирги ўақытта төрт-сегиз мүйиз деген нағыслар көп тәкирарланып исленип атыр, халық оннан зерикти деп ойлайман. Мына шытырмақ деген нағыс, жеңсиздиң де дизайнин өзгертип, усындай етип тигип атырман, қәлесеңиз усыны тигип, қолдан нағыс ойып беремен.
Қарыйдар талабын заманға сай заманагөйлестирип ислеп бериўден буйыртпашының да, өнерлиниң де кеўли толды.
– “Шымшық сойса да қассап сойсын” деген дурыс айтылған екен.
– Апа, ҳәзир көп алжасыўлар, қәтеликлер болып атыр. Миллий нағыс тигилген кийим болса кийип атырмыз.

Нағыслар өз орны менен кестелениўи керек, ерлер кийимине, ҳаял адамның кийимине кестелениўи керек нағысларға итибарсызлықлар болып атыр. Еле изертленбеген 60 түрли нағысларымыз бар екен. Устазым Айгүл апа Пирназарова менен ойласып, пикирлесип кестешилик бойынша китап таярлап атырман, – дейди кәсибиниң, өнериниң жанкүйери Ферида Базарбаева.
Ҳақыйқатында да жас өнерлиниң пикиринде үлкен мәни бар. Қарақалпақ миллий нағыслары келешек әўладларымызға жеткерилип, раўажландырылып, үйренилип барылыўы керек. Тәкирарланбас миллий нағысларымыз реңлер менен уйғынласып, жылўаланғанда бийбаҳа өнеримиз менен мақтанамыз ҳәм мақтаныш етемиз.
Өз тәжирийбесине ҳәм өнерине ийе Ферида Базарбаева 2022–2023-жыллары И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде жеке көргизбесин шөлкемлестириўи нәтийжесинде шет елли туристлердиң де қарақалпақ нағысларына, қурақларына итибарын қаратып, қызығыўшылықларын арттырыўға ериседи. Себеби, ҳәр бир нағыстың өзине тән мазмун–мәниси бар. Бүгинги күн Америка, Латвия, Башқуртстан, Москва, мәмлекетлеринен туристлер келип, шаңарағынан миллий қурақлардағы көрпе, көпшик, миллий нағыслардағы тақыя, жеңсизлерди алып кетиўи, сол мәмлекетлерде де бизиң миллийлигимиздиң ең жайыўы айрықша мақтаныш екенлигинен рухланбақта.
Усындай тәкирарланбас миллийлигимизди көпке танытып, қол мийнети менен өзи де өнерли қыз болып халқымызға хызмет етип атырған Ферида Базарбаева жүзден аслам шәкиртлер таярлап, өнер сырларын үйретип, көплеген шәкиртлери жумыс ислеп атырғанынан жүдә қуўанышлы.
“Үй музей”индеги ер ҳәм ҳаял–қызлар кийимлериндеги кестеленген миллий нағыслар қараған көзди жайнатады.
Мақсетим ҳәм келешектеги режелерим, миллийлигимизди дүньяға танытып, жеке брендимди жаратпақшыман деген өнерли қызға бәрекәлла, нийетиңе ерискейсиз деймиз.

Зибира АБДИНИЯЗОВА.