«PITKERIWSHI PARTY» де «Соңғы қоңыраў»

25-май. «Соңғы қоңыраў» сеслери питкериўши жас өспиримлерди өзгеше сезимге бөлери сөзсиз. 11-классты питкерип, келешекке батыл қәдем таслаў босағасында турған оқыўшы жаслар өз таңлаўларына бола, жоқары билимлендириў бағдарларына қарай жол алады. Мәмлекетимизде бийпул мектеп билимлендириўиниң өсип киятырған жас әўлад келешегине деген итибардың айрықша екенлигинен дерек береди.

Ҳүрметли Президентимиздиң қарақалпақстанлы жасларға деген айрықша итибары себеп қабыл етилген Пәрманына тийкар, өткен 2023-2024-оқыў жылында мәмлекетлик грант тийкарында қосымша 3 мың квота, соның менен бирге төлемли-контракт тийкарында қосымша 7 мың квота ажыратылған еди. Быйылғы жылда да қосымша 6 мың 500 квота ажыратылғаны питкериўши жаслар ушын және де имканиятлар береди.

Питкериўши жаслардың кеўил кейпиятын көтериў ҳәм оларға есте қаларлықтай етип «Соңғы қоңыраў» кешесин шөлкемлестириў мақсетинде усы жылдың 25-май күни Жаслар орайы имараты алдында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Pitkeriwshi party» фестивалы шөлкемлестирилди.

Креатив атмосферадағы гала-концертте DJ шоу бағдарламасы, дискотека, кеўил ашар жойбарлар, сондай-ақ, қарақалпақ эстрадасы жулдызлары ҳәм «Бозатаў ФЕСТ» таңлаўының жеңимпазлары тәрепинен атқарылған қосықлар бәршеге жақсы кейпият бағышлады.

Жоқары шөлкемлескенлик пене шөлкемлестирилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев сөзге шығып, барлық питкериўшилерди сәне мүнәсибети менен қызғын қутлықлады ҳәм келешектеги оқыўларында, жумысларында тасқын табыслар тиледи. Буннан соң Ҳүрметли Президентимиздиң ғамхорлығы нәтийжесинде елимиздиң жасларына жаратып берилип атырған имканиятларға тоқталды.

Индира Мәмбетназарова,

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы жаслар ислери басқармасы Баспасөз хаткери.