Сәтли сапар сизлерге — питкериўшилер!

Сен арқалы мектеп қәдирин сездим,

Көзден бир-бир ушты балалық гезим,

Өшпес жүрегимде қалдырған изиң,

Есейттиң бир демде, соңғы қоңыраў.

Көрсетип жасларға ығбал мәнзилин,

Тыянақлы етип үйреттиң билим,

Бердиң ҳүрметиңе кеўлимниң гүлин,

Шадлығыма шерик соңғы қоңыраў, – деп шайыр жырлағанындай 25-май елимиздеги ҳәмме мектеплерде «Соңғы қоңыраў» кешеси болып өтти. Бул күн мектеп оқыўшылары әсиресе, питкериўшилери ушын үлкен байрам. Сол күн олар ушын есте қаларлық мәўритлердиң бири болып табылады.

Қарақалпақстан Республикасында улыўма орта билим беретуғын 722 мектеп бар. Усы оқыў жылында 22880 оқыўшы жаслар 11-классты питкериў алдында тур. Олардан 648 питкериўши – алтын, 188 питкериўши – гүмис медаллар ийесине айланған. 267 питкериўши болса Өзбекстан Республикасындағы ҳәм басқа да сырт еллердеги жоқары оқыў орынларына мүддетинен алдын кириў бахтына миясар болды.

Биз мектеп питкериўшилериниң ҳәммесине жаңа өмирге қойып атырған қәдемлерине сәтли сапар тилеймиз.

Ш.СИЙПАТДИНОВ.