Өнери сүйикли кәсибине айланды

Қанлыкөлли жас исбилермен Муса Турғанбаев қорықпастан тәўекел етип баслаған жумысы бүгинге келип сүйикли кәсибине айланғанын жүдә мақтаныш етеди. Ол баслаған хәр қандай исин ақырына жеткизбей қоймайтуғын минезге ийе болып, он сегиз жасында өз исбилерменлигин баслайды.

– Өз аймағымның яғный «Сары алтын» аўыл пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси Дәўлетбай Камаловтың жәрдеми ҳәм қоллап-қуўатлаўы арқасында 30 миллион муғдарында кредит алдым. Ата-анам, ағам ҳәм досларымның қоллап-қуўатлаўы арқасында өзимде күш топлап, жумысымды басладым. Ағам Сапарбай менен заманагөй акфа айна ҳәм есиклерди иследик. Бирақ, олардың қарыйдарларға өтиўи қыйын болды. Аўылыызда арзан ҳәм сапалы айна-есиклер бола тура, адамлар басқа қалаға барып, өз қәрежетлерин артықша сарыплайтуғын еди.

Анығырақ қылып айтатуғын болсам жол ҳақысы және қымбат өнимлер, оларды алып келип имаратларына қурдыртып беретуғын қәрежети де бар еди. Мен болсам, халықтың жағдайын түсинип өзим бийпул апарып ҳәм қурып беремен деп те дағаза қылдым. Енди ҳәмме нәрсениң басланыўында қыйыншылық болмаса, ол қызықлы болмайды. Мен бул исимди ақырына шекем апараман ҳәм үлкен имарат салып, өз кәрханамды салыўды алдыма мақсет етип қойғанман, – дейди жигирма бир жаслы исбилермен.

«Жол бойының жумысын, жолға шықсаң көрерсең» дегендей, бүгинге келип бул исбилерменниң өнимлери қарыйдарлардың кеўлинен шығып, буйыртпалар саны күннен-күнге көбейип бармақта.

Муса Турғанбаевтай өнерли ҳәм талапшаң жаслар ушын имканиятлар оғада көп. Тек ғана қорқынышсыз мүмкиншиликлерден толық пайдалана билиў ғана талап етиледи. Биз мақала қаҳарманы Муса Турғанбаевқа уқсаған жас исбилерменлердиң нәтийжели ҳәм елимиздиң экономикасының артыўына үлес қосатуғын жаслардың көбирек жетилисиўин тилеймиз.

Гүлдана ДАЛИБАЕВА,

ҚМУ, қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 1-курс студенти.