Рәм шайырды билесиз бе, жаслар?

Өз дәўиринде Рәм шайыр деп танылған Рәмберген Хожамбергенов ҳаққында жасларға таныстырыўды мақул көрдик. Сол себепли шайырдың улы Турсынбай аға менен көрисип, әкеси ҳаққында мағлыўмат алдық. Төкпе шайырлығы менен халықтың кеўлинен орын алған Рәм шайыр 1915-жылы Кегейли районында туўылған.

Техниканың раўажланбаған, жазғанларын халыққа жеткериў бираз қыйын дәўирде жасағанлықтан ел аралап, халық сейиллеринде, той-тамашаларда өз шығырмаларын өзи жырлап, өзи тарқатып жүретуғын болған. Шайырдың өз репертуары бар. Тематикасы ҳәр қыйлы ақыл-нәсиятқа толы терме-толғаўлар, тымсаллар, юмор-сатиралық шығармалары менен белгили болды. Ол өмирдеги кесент беретуғын иллетлерге қарсы турып, өз сатиралық шығармалары арқалы жеткерип турды.

Бугалтеримиз Базаров,

Кассиримиз Назаров,

Жутпаған күни жүз грамм,

Бетлери турар бозарып.

Кимде-ким айлық алады,

Қасына жуўырып барады,

Ҳәй-пәйиңе қаратпай,

Қалтаңа қолды салады.

Базаров пенен Назаров,

Сақламайды тазалық,

Жерменлердиң орыны,

Өзгеше екен, тазарың.

Рәм шайыр Тәжихан менен төрт ул, еки қызды тәрбиялап камалға келтирген. Олар Турсынбай, Жолдасбай, Жеңисбай, Қурбанбай, Бийбизада, Бийбихатша. Бүгинги күни бир ул, бир қызы өмирден кетти. Қалғанлары ул-қызлар өсирип, өз жолларын тапқан. Турсынбай улының бес перзенти бар. Оның қызы Наргиза атасы Рәм шайырдың жолын даўам еттирмеген болса да қосық жазыўға қызығады. Турсынбай аға менен сәўбетлесиўимизге оның қоңсысы Базарбай Хожалепесов араласты:

– Мен де Рәм шайыр ҳаққында бир-еки аўыз сөз айтайын. Ол дәўирлерде шофёр едим. Қоңсы болған соң машинама минип турады. Төкпе шайыр қосығын оқып кете береди. Әкем аўылдан жийде-жемиске тойып, семирген үлкен түйе таўығын көтерип, үйге қыдырып келеди. Кеште қатарлары коңсы ғаррыларды шақырады. Нөкистеги гөне қала аймағында Рәм шайырдан басқа Шамурат жыраў да туратуғын еди. Сайымбет, Идирис, Палўаш ғаррылар бәри дастурхан басына жыйналып, туўраманы туўрап, мәс болып отырады.

Шайыр қыссаханлық жолына салып дәстанларды жырлайды. Өзи жазған қосықларды оқып береди. Шамурат жыраў да түн бойына дәстанларды қобызда жырлағанда оның сыйқырлы ҳаўазына тәсийн қалар едик. Ғаррылардың хызметинде жүрип, сондай уллы инсанлардың сәўбетлеринен бийнесип қалмағаныма қуўанаман. Бәриниң де жатқан жерлери жайлы болсын. Рәм шайыр ҳаққында жазып туўры ислеп атырсызлар.

– Расын да әкемиз ҳаққында бурыңғы әўлад билсе де соңғы әўлад толық билмейди. Ол ел аралап жүрип тойларда беташатуғын еди. Сол дәўирлердеги беташарлардың заўқы өзгеше, қәйтип мақтанып айтсақ та азлық етпейди. Ҳәзиргидей телевизор, интернет жоқ. Адамлардың ең көп жыйналатуғын жерлери тойлар. Дайы-жийенлер бир-бириниң үстинен нама алады. Ағам төкпе шайыр болған соң беташарда жүдә толқынланып кетеди.Сонша сөзди қайдан табады деп ҳайран болатуғын едик. Әкем урысқа қатнасты.

Урыстың салдары ма оның қулағы еситпей қалды. Еситпегенниң өзинде көп нәрселерди билетуғын еди. Себеби, ол дәстанларды, ертеклерди, үлкейген соң китапларды көп оқығаны себепли қәтқуда, сөзге шешен адам болды. Оның изин даўам еттирмеген болсақ та “Қыялым” (1981-ж), “Уят болар айтпасам” (1996-ж) китапларын, дәптерлер толған беташарларын көз қарашығымыздай сақлап қойыппыз. Ол 1984-жылы қайтыс болды. Әкемниң:

Ата-анамның қәдирин,

Ошақ түсип мойныңа

Балалы болсаң билерсең.

Ағайинниң қәдирин,

Қан тамшылап мойныңа,

Жаралы болғанда билерсең.

Жабанның ғарбыз, қаўынын,

Май сүт, қатық, саўынын

Қалалы болғанда билерсең.

Туўры жолдан шубалаң

Ата менен ананың

Айтқанларын жықпасаң

Өсерсең де өнерсең

(“Балалы болғанда билерсең” қосығынан) деген нәсиятларын өзимиз әке болғанда билип, түсинип атырмыз. Сол ушын бүгинги күни китап оқың деп бийкарға айтпайды. Жаслар оқыўы, классик шайырларымызды билиўи, илимпазлар оның шығармаларын үйрениўи керек. Шайырдың баласы Турсынбай аға айтқандай Рәм шайырдан жаслардың оқып, үйренетуғын нәсиятлары көп.

Жипектен тартқан дуўтардың,

Тарындай болың келинлер,

Қол урғанда күйдирген,

Жалындай болың келинлер,

Илимпаз, герой, өнерпаз,

Алымдай болың келинлер

Ашыўы жоқ, узын шаш,

Гийнеси жоқ керме қас,

Злийха атлы Юсуптың

Ярындай болың келинлер.

“Келинлер” атлы қосығы бүгинги күни де беташардың келинлерге нәсият формасында қолланылып киятыр.

Мийли бастың белгиси

Аўырлық түссе ойланар,

Мийсиз бастың белгиси,

Аўырлық түссе айланар.

Өзлериңиздиң пайдаңыз

Көп болса тамыр–танысың

Инсанлықтағы айнаның

Арың менен намысың.

(“Мәртебе деп билиңиз” қосығынан) Жасларға айтар усындай нәсияты көп болған шайырдың екинши өмири даўам етер екен, әлбетте оның шығармаларын, атын, мийнетлерин умытыўымыз мүмкин емес.

А.ТУРЕКЕЕВА.