Илгериде бул сораўдың себеплери китап қымбат болғанлығы ушын түсинетуғын едик. Ал, ҳәзирги дәўирге келип адамлар пул табыўға берилип кетип, китап оқыўға ўақыт табалмай қалды деп өзимизди алдадық. Жағдай сол дәрежеге жетти, әтирапта бирде-бир китап оқып атырған адамларды ушыратпай қойдық. Ал, ең жаманы болса соған биз көниге басладық.
Сондай-ақ, китап саўдасын және де жетилистириў ҳаққында қарар қабыл етилди. Китапқа болған муҳаббатты басқаша енгизиў ҳаққында ойлады. Көпшилик не қылса болады деп турған пайытта Журтбасшымыз “Китап оқыған адамға машина саўға етемиз”. “Жас китапхан” таңлаўын жәриялады. Машина саўға етиў материаллық хошаметлеў болар, бирақ, китапты бир шетке ысырып қойған адамларды оқыўға қызықтырыўдың зор усылы еди. Солай етип республика бойынша “Жас китапхан” таңлаўы жәрияланды.
Қуўанарлысы, 20 жасқа шекем ҳәм 20 жастан 30 жасқа дейинги китапқумарлар ушын 2 машина сыйлыққа қойылды. Таңлаўдың республика басқышы соншелли қызықлы өткенлиги себепли әжайып имканияттың бири тамашагөйлер жақыннан ҳәм узақтан гүзетип барыўлары ушын тиккелей эфирде қойылып барды. Ҳәр 2 таңлаў тамамланыўы менен кейинги ҳәпте ҳәр күни тәкирар эфирде бериледи. Адамлар сериалларын бир шетке ысырып қойып еки ҳәпте даўамында шаңарағы менен таңлаўды тамашалап, өзлериниң билимин сынап отырды. Таңлаў уқыплы жасларды халыққа таныта алды. Өзим тиккелей сол көрсетиўди гүзетип барғанымда көзлери көрмесе де таңлаў шеңберинде 80 дана китап оқығанын айтып, жақын бир, еки жылда қолына китап алмаған көп теңлеслерин қысындырған Умитжон пүткил халқымыздың мийримин оятты.
Соның менен бирге, 20 жасқа дейингилер арасында əндижанлы қыздың 4-басқышта шаққанлығы елеге шекем көз алдымда. Буўылып зорға сөйлеген пайытында төрешилер даўысыңа не болды деп сорағанда, түни менен қосық оқып шықтым – деди. Қараң бул сыяқлы жағдайлар ҳәр қандай кисини де толқындырады.
Меҳрибан ЖАЛҒАСБАЕВА,
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика факультети 1-курс студенти.
