ХОСИЯТ РУСТАМОВА: «МЕН ҲЕШ ҚАШАН ХАЛЫҚТЫӉ ДӘРТИН ЖАЗБАҒАНМАН»

«Билим» баспасынан талантлы жас шайыр ҳәм аўдармашы Базарбай Жолдасбаев тәрепинен жазыўшы Хосият Рустамованыӊ «Ашық терезелер» атамасындағы китабы қарақалпақ тилинде баспадан шықты. Хосият Рустамова менен китап аўдармасы ҳәм дөретиўшилигиндеги жаӊалықлар ҳаққында сәўбетлестик.

– Ассалаўма әлейкум, жақында ғана «Билим» баспасынан «Ашық терезелер» китабыӊыз қарақалпақ тилинде баспадан шығыўы қарақалпақстанлы оқыўшыларыӊызға үлкен саўға болды. Аўдарма усынысы ҳәм процесслери хаққында айтып берсеӊиз.
– Өмир күтилмеген ўақыяларға толы. Күтилмеген ўақыялар болса тосыннан келмейди. Бул семинарға еле бир жыл болмады. Биз олар менен Заминда танысқан едик. Семинарға Қарақалпақстаннан жанып турған үш-төрт шайыр келди. Ол жерде олар менен жийи-жийи сәўбетлер болып өтти. Кейин бул жаӊа жылды биз Россия Федерациясыныӊ Переделъкинода күтип алдық. Қосықларымныӊ қарақалпақ тилине аўдармалары ҳаққында Шерзод Комилдан еситтим. Шерзод қосықларымды телеграмм каналында оқып атырғанлығын айтты. Мен де сол каналға ағза болдым. Бул мениӊ қосықларымды қарақалпақ тилинде дағаза етип атырған Базарбай Жолдасбаевтыӊ каналы еди. Үйге қайтқанымнан кейин каналдағы қосықларды дыққат пенен оқыдым. Туўрысы жүдә таӊ қалдым. Бул ҳаққында Базарбайға да жаздым. Себеби қосықларым қарақалпақ тилинде жазылғандай еди. Бул қосықларды жүдә көплеген досларымыз оқып шықты. Устазларымыз бенен ойласып, оларды китап ҳалында баспадан шығарыў керек деген шешимге келдик.
– «Төлепберген аға мениӊ сырларымнан биринши хабар тапқан адам еди…» деген еслеўлериӊиз бар. Төлепберген аға ҳаққындағы усы еслеўлериӊизде қайсы сырыӊыз жасырылған?
– Биз Төлепберген аға менен бул дүньяда жүдә кеш ушырастық, бирақ, жүдә көп елеслер есимизде қалды… Аға мен ҳаққымда үш мақала жазып, газеталарда шығарған екен. Кишкене дөретиўшилигиме үлкен муҳаббат пенен қараған. Мине усы «Нажот» китабы баспадан шыққаннан кейин ағаныӊ мен ҳаққымдағы мақалаларын қайта-қайта оқыдым, көзиме жас келди. «Жасым бир жерге барып қалды, бир нәрседен қәўетер алатуғын яки қорқатуғын жаста емеспен. Бирақ, усы Хосияттыӊ «Нажот» китабын урлап кетиўлеринен қорқаман. Себеби үйиме келип-кетиўшилер көп», – деп жазған екен. Енди сораўыӊызға келсек, мен сол ўақытлары өлим ҳаққында жазыўды әдет қылған едим. Негедур ҳәмме жол мени өлимге алып бара береди. Басқа темаларда жазыўға қанша ҳәрекет қылсам да, бәрибир өлимге кетип қалаберемен. Маған ҳәмме ашық-айдын айта баслады. Өлим ҳаққында жазбаӊ, шакырып аласыз, дер еди. Сондай күнлердиӊ биринде Төлепберген аға үйимизге келди ҳәм маған айтқан гәплери сол болды: «Ҳеш нәрсеге итибар қылмаӊ! Сиз тек ғана жазыӊ! Жазыўыӊыз кереклигин умытпаӊ. Жазабериӊ, жазғыӊыз келген нәрсени жазыӊ», деди. Мен бул гәплерден қуўанып кеткенмен. Себеби, мен сол күнге шекем жазыў столында диетаға әмел қылыў кереклиги қатаӊ қадағалаў астына алынган наўқас едим. Сол күни Төлепберген ағаныӊ бул гәплеринен кейин өзимди азатлыққа шыққан тутқындай сезгенмен. Ҳәм сол дәрежеде жеӊил тартқанман, тап ҳаўаға айланып кеткен едим.
– Кристофор Мерриллдиӊ «Сиз жазыўыӊыз керек, қайсы тилде болса да парқы жоқ. Жазыӊ, жазыӊ, жазыӊ» деген қатарлары қыялымнан өтти…
– Америкалық уллы шайыр Кристофор Меррилл мениӊ өмиримдеги әҳмийетли инсанлардыӊ бири. Мен сол инсан себеп Америкада оқыў бахтына мияссар болдым. Себеби бул университетте тәжирийбе арттырыў, дүнья әдебиятынан хабардар болыў, жәҳәнге танылған көплеген шайыр ҳәм жазыўшылар менен бир курста оқыўды тек ғана арзыў қылыў мүмкин еди. Айоваға барған күнимниӊ үшинши күни ярым ақшамда Кристофор Мериллға тилден қыйналып атырғанымды, инглис тилин жақсы билмегеним ушын ғам шеккеним ҳәм тилсиз ҳеш ким болмай қалғаным ҳаққында бир дүнья қайғы менен хат жаздым. Ҳәм сол күни мырза Мерриллден келген жуўап мени руўҳландырды. Хатта тап сиз айтқан сыяклы сөзлер бар еди: «Әзизим, Хосият! Сиз ҳеш нәрсени ойламаӊ. Тәшўиш қылыўыӊызға қәжет жоқ. Биз сизди инглис тили ушын емес, дөретиўшилигиӊиз ушын қабыл қылғанбыз. Сиз жазыўыӊыз керек, қайсы тилде болса да парқы жоқ. Жазыӊ, жазыӊ, жазыӊ…!
Кристофор Меррилл».
– Хосият апа, Наманган ўәлаяты Чуст районы өзиниӊ пышақлары менен даӊқ таратқан. Қосықларыныздағы өткирликтиӊ пышақ сыяқлы жүрекке шаншылыўында киндик қаныӊыз тамған жердиӊ кәраматы бардай болып сезиле ме?
– (Күлип) Мен бул ҳаққында ҳеш ойламаған екенмен.
– Бесинши классыӊызда сизиӊ руўҳыятыңызға үлкен тәсир қылган қус ҳәм «Гүлхан» журналынан миннетдарсыз ба?
– Мен ҳәмме нәрседен миннетдарман! Ҳәмме ҳәммесинен ҳәм ҳәмме адамлардан. Ҳәзирде қусты қолымда сеземен. Бирақ қорқып кетемен. Жүрегим басқаша бир түрли болып кетеди. Бәлким, қолымда жан берген ҳәм көзлеринде бир тамшы жас қатып қалған сол қус өзим шығарман. Ким биледи! Соӊында бул дүнья сыр-сынақларға толы ғой. «Гүлхан» журналында бул қосығым шықканында ҳақыйқатдан да ишиме сыймағанман. Бир неше күн өзимди шайырдай сезгенмен! Ҳәм бул жүдә әжайып еди.
– Шайыралық сизди жәмийетте бир қанша дәрежеге көтерди. Халықтыӊ итибары ҳәм ардағына ийе болдыӊыз. Дөретиўшилер өз өмирин адамларға бағышлап жасаўы арқалы ғана толық бахыт табыўға ҳәрекет етиўине қандай қарайсыз?

– Мен мине усы пикирге онша қосылмайман. Мен өзимди халыққа бағышладым, халықтыӊ дәртин жаздым деў жалған! Мен ҳеш қашан халықтыӊ дәртин жазбағанман. Мен өзимниӊ дәртимди жазғанман ҳәм ол халықтыӊ дәрти болып шыққан. Биреўдиӊ дәртин биреў жаза алмайды! Жазса да жалған жазады, егер ол өзинде болмаса! Дөретиўши өзин-өзине бағышлаўы керек. Ол ҳәр күни, ҳәр заматында өзин үйренсе ҳәм өзин табыўға ҳәрекет етсе, бәрибир, бир күни табады. Ҳәм бул табылған нәрсе оныӊ әдебиятыдур!
– Драматургияда да өзиӊизди сынап көргенсиз. «Театрларымыз талап дәрежесинде емес» сыяқлы бәнелерди еситемиз. Негизинде, ҳақыйқый драматурглеримиз жетиспей атырған шығар?
– Бизге еле көп нәрсе жетиспейди. Тек ғана шығарма, тек ғана драматург бәлким, театрға барыў ҳәм спектакль тамаша қылыўды да билмеймиз. Мен барған мәмлекетлеримде театрларға барыўға ҳәрекет етемен ҳәм спектакль тамаша етип атырған адамларды көрип, олардыӊ әпиўайы тамашагөй емеслигин сеземен. Олар театрға байрам белгилеўге келгендей кейпият ҳәм кийимлерде келеди. Қандайда машқалалары болса, үйинде қалдырады. Театрға алып кирмейди. Бул олардыӊ жағдайларында айқын көзге тасланып турады. Олар өзлерин умытады ҳәм енди театрдағы тәғдир менен еки саат бирге болады. Мениӊ гүзеткеним сонда, адамлар театрдан шығып кетип баратырғанында басқа адам болып шығады. Негизинде, театрдыӊ, драматургтыӊ мақсети усы.
– «Биз бул дүньяда биринши мәрте жасап атырғанымыз ушын қандай жасаў кереклигин билмедик. Билгенимизше жасай бердик», – киби көз-қарасларыңызды оқып өзи өмирди, жасаўды билмей жасап атырғанымыз жоқ па екен деген жуўмаққа келгеним қәншелли туўры?
– Бизиӊ биринши мәрте жасап атырғанымыздыӊ жаксы тәреплери де көп. Себеби, биз өлимниӊ мағанасын да жақсы билмеймиз. Егер биз өлип көрген адамлар болғанымызда еди, итимал, екинши мәрте жасаўға жүрегимиз даў бермес, бәлким қорыққан болар едик. Лекин, сезе аламан, бир-биримизге қыянет қылмас едик ҳәм бир-биримизди алдамайтуғын едик! Бирақ, және бир тәрепи бар, ҳәзиргидей, толқынланбайтуғын да едик!
– «Қайда жетелеп барады өмир – Жылаўы жоқ атларды» – сыяқлы қатарларыӊыз бар. Атлар да инсанлар сыяқлы еркинликти қумсайды. Олар жылаўланса ғана ақылы кирер бәлким?
– Өткен жылы Руминияда усы ҳәм усындай қосықларым ҳаққында додалаўлар болған еди. Ҳәм айырым әдебияттаныўшылардыӊ пикирлери мени таӊ қалдырды. Лекин жазып атырған ўақтыӊда булар ҳаққында ойламайсаӊ. Бәлким, дөретиўшиликтиӊ иләҳийдалығы сол яӊлы!
– Китапларыӊыздыӊ муқабасы ҳәм дизайны сапалы ҳәм әшекөйли шығады. Олардыӊ дизайны менен жеке өзиӊиз шуғылланасыз ба?
– Бул мен ушын әҳмийетли мәселе. Муқабаға ҳәмийше ярым китап деп қарайман ҳәм биринши болып муқабаны оқыйман. Мениӊ еӊ қәбилетли дизайнерим бар, Баҳриддин Бозоров! Ҳәттеки, айырым ўақытлары шет елде шығып атырған китапларымныӊ дизайнерлеринен кеширим сорайман ҳәм Баҳриддинге илтимас етемен. Баҳриддинге узақ түсиндириўим шәрт емес. Нәтийжеде мен оларға муқабаны қайта жибергенимде, олардан таӊ қаларлық жуўаплар аламан.
– Социаллық тармақларда белсенди болған дөретиўшилер елдиӊ нәзеринен қалып қойып атырғандай сезиледи?
– Жоқ, ондай емес. Мен социаллық тармақларда өмирин қуры өткерип атырған айырым шайыр-жазыўшыларды аяп кетемен, сонлықтан өзимди де. Айырым ўақытлары азғана киремен ҳәм саатлап қалып кетемен. Сондай ўақытлары социаллык тармақлардан узағырақ жасап атырған досларыма ҳәўесим келеди. Бәрибир, әдебият рехимсиз! Ониӊ еӊ үлкен рехимсизлиги сонда, сен ҳаққыӊдағы гәпти сеннен кейин, сениӊ арқаӊнан айтады.
– «Өзимиздиӊ ишимизде ҳақыйқат бар, Кудай бар» деп тәрийплегенсиз, бирақ биз бундай әжайыбатты ақыл-санамыз ҳәм қәлбимиз бенен таныўдан қорқып атырған шығармыз?
– Буны ҳәр секундта сезиўимиз мүмкин, бирақ, биз буны сезиўге ҳәмийше күшимиз жетпейди. Өзимиз-өзимизге имканият бермеймиз. Айтқаныӊыздай, қорқамыз. Себеби, бизиӊ гүналарымыз көп. Соныӊ ушын биз ишимизге караўдан гөре, шетлеп өтиўди мақул көремиз…
– Мақтаў ҳәм сыйлық дөретиўшини менмен қылып, өлтиреди, деседи. Сизиӊше, дөретиўши ушын еӊ жоқары сыйлық не?
– Мен ушын еӊ жақсы сыйлық – жазыў. Жақсы жазыў. Пүткил барлығыӊ менен төгилип жазыў. Тири екенлигиӊди умытып жазыў. Ҳәриплер ишинде жоғалып жазыў. Қалған сыйлықлар алдайды. Алған ўақтыӊызда аз ғана қыялыӊызды бөлиўи мүмкин. Кейин болса дәрриў өтип кетеди.
– «Шаӊараққа болған муҳаббат алдында өмиримниӊ мазмунын көрип қаламан, бул ҳеш нәрсе менен алмастырып болмайтуғын нәрсе…». Шаӊарақ хаққында қарасларыӊыз адамды сүйсиндиреди. Өзиӊизди қәншелли бахытлыман деп есаплайсыз?
– Ҳеш қашан бахытсыз есапламағаным сыяқлы. Мени Алла жаратқан – қандай бахытсыз болыўым мүмкин? Өзин бахытсыз есаплаў яки ойлаў қаншелли дурыс? Бизиӊ өмиримиз – бизиӊ пикирлеримиз. Қашандур ойлаған яки арзыў қылғанымыз өмирдиӊ дөгерек әтирапында емес, әйне оныӊ ишиндемиз. Себеби космос ҳәмме нәрсеге өз ўақтында жуўап бериўди жақсы көреди.
– Қарақалпақ халқына тилеклериӊиз ҳәм кеўил сөзлериӊиз….
– Мен «Қарақалпақнама»ны оқығанымда бир қанша китаплар оқыған ҳәм китап оқыўды үйренген оқыўшы едим. Жүдә тәсирленгенмен ҳәм қарақалпақларды жақсы көрип қалғанман. Мине усы шығарма қарақалпақлардыӊ характерин ашып берген. Бул шығарманы оқыған ҳәр бир оқыўшыда қарақалпақларға болған меҳир ояныўы анық. Мен усы китапты оқығанымнан кейин Қарақалпақстанға барғым ҳәм бул сада, меҳрийбан адамларды өз көзим менен көргим келген. Сонда декабрьдиӊ ақыры еди. Биринши мәрте Қарақалпақстанға барғанман. Ҳақыйқатында да адамлары китап пенен бирдей еди. Мен соннан кейин бул халықты және де жақсы көрип қалдым. Мен ушын қанша әзиз Ибрайым аға ҳәм Төлепберген ағаныӊ журты.

Сәўбетлескен: Асылбек ҚОЛҚАНАТОВ
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты магистранты.