«Мен донорман»

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалының профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары филиалда шөлкемлестирилген «Мен донорман» қайырқомлық акциясы шеңберинде қан тапсырыў илажында белсене қатнасты.

Илаж даўамында республикалық қан қуйыў станциясының көшпели донорлық комплексиниң арнаўлы автобусында санитария-гигиеналық қағыйдаларға әмел етип, студентлер қан тапсырды. Усы арнаўлы автобус барлық зәрүр техникалар менен тәмийинленген. Иқтыярлы тәризде қан тапсырған студентлер дәслеп тәжирийбели шыпакер көригинен өтип, буннан кейин белгиленген тәртипте қан тапсырды.

– Усы сыяқлы ийгиликли қайырқомлық акциясында кеўилли түрде қатнасып, қан тапсырыў жумысларында белсендилик көрсеткен студент-жаслардан миннетдармыз – дейди Жаслар менен ислесиў, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов.

Усындай ийгиликли исти әмелге асырыў арқалы инсанлардың өмирин сақлап қалыўдай саўаплы иске үлес қосыў имканына ийе боламыз ҳәм акцияда белсене қатнасыўға ҳәммени шақырамыз.

Илаж шеңберинде Қан қуйыў станциясының донорлар бөлими баслығы Ж.Габбарова ҳәм қан алыў бөлими шыпакери Р.Хожаметова тәрепинен студентлерге қан тапсырыў ҳәм донорлар қандай талапларға жуўап бериў ҳәм донорлық қанына талап қай дәрежеде жоқары екенлиги ҳаққында «Мен донорман» акциясында сөз етилди.

Студент-жаслар инсаныйлық пазыйлетин өзинде сәўлелендирип, қанға мүтәж наўқаслардың өмирин сақлап қалыў ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына қуўаныш үлесиў сыяқлы қайырлы иске қол урды.

Зийўархан ХОЖАМУРАТОВА, филиалдың баспасөз хаткери.