«Балаларға бериң дүньяны»

Китап – заманлар теңизинде саяхат етип атырған хәм өзиниң қымбат баҳалы жүгин әўладлардан-әўладларға жеткерип бериўши ҳикмет кемесине мегзер. Бундай қымбат баҳалы байлықлар сақланыўшы орын китапхана.

Сол китаплар арқалы инсанлар көркейеди, руўхый бай болады. Бизиң Кегейли районы мәлимлеме-китапхана орайы 2019-жыл ноябрь айынан өз хызметин көрсетип келмекте. 2020-жылда район хәкимлиги тәрепинен, район орайында бос турған имарат реконструкция етилип, пайдаланыўға тапсырылыўы, бизиң жумысқа деген талабымызды еле де асырды. Китапханамыз өз пайдаланыўшыларына ийе болды.

Көп узамай Журтбасшымыздың Қарақалпақ елине саяхаты, жаслар менен ушырасыўының нәтийжесинде районымызда 2022-жыл және бир имарат бой тиклеўи бизди қуўанышқа бөледи. Себеби, хәр қандай илим-билим таратыўшы китапханалар саны көбейиўи, халықтың әсиресе жас әўладтың саўатлы болыўына жол ашып берери сөзсиз.

Бала күлсе – әлем күледи. Балалар өмиримиздиң жалғасы, қуўанышы. 1-июнь «Халықаралық балаларды қорғаў күни»не бағышланып Мәлимлеме-китапхана орайының 2-имаратында «Балаларға бериң дүньяны» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Мағлыўмат есабында айтып өтиўимиз керек, мәлимлеме-китапхана орайының фонды 83748 атамадағы 20737 дана китаплар бар болып, соннан 1197 атамадағы 20584 дана балалар әдебияты орын алған. Оларды оқыў арқалы жасларымыз билимлерин жетилистирип келмекте. Байрам кешесин мәлимлеме-китапхана орайы директоры А.Ешбаева ашып берди ҳәм байрам мүнәсибети менен балаларды қутлықлады.

Оннан соң район аймағында жайласқан 5-7-10-санлы бақша тәрбияланыўшылары, аяқ ойын ҳәм тақмақлары менен қатнасты. Байрам кешесине қатнасқанлар естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Ақсүңгүл ЕШБАЕВА, Кегейли районы мәлимлеме китапхана орайы директоры.