Баспасөз конференциясын Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Е.Турсунов кирис сөзи менен ашып берди. Соннан кейин министрликтиң усы жылдың I шерегинде әмелге асырған жумыслары ҳәм келешекте ислениўи керек болған жумыслары, қала берди мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 24-май сәнесинде әдиллик уйымлары системасында айрықша әҳмийетке ийе болған Пәрманы ҳаққында да мағлыўматлар берилди.
Пәрманға көре, әдиллик уйымларының искерлиги және де асырылады. Пуқаралардың мәселелерине шешим табыў, соның менен бирге ҳәр бир мәҳәллелерде “мәҳәлле жетилиги”ниң искерлигин және де асырыўға итибар қаратылыўы нәзерде тутылған.
Және де айтыў мүмкин, әдиллик уйымлары тәрепинен пуқараларға ҳуқықый көмек бериў, олардың шешимин күтип атырған мәселелерине шешим табыўға көмеклесиледи. “Әдиллик күни” шөлкеместириледи, буның шеңберинде түрли ҳуқықый викториналар, илажлар, сейиллер өткериледи. “Ҳуқықый класс”лар дүзиледи, буның менен жаслардың, әсиресе мектеп оқыўшыларының ҳуқықый саўатлылығы асырылады.
“Пуқара-мәҳәлле-әдиллик” системасы енгизиледи. Жоқарыда айтылғаны сыяқлы, пуқаралардың мәселелери орында сапластырылады. Соның менен бирге “Online-mahalla” платформасы арқалы да пуқаралардың мәселелери қабыл етиледи, яғный арзалар дәслеп, “мәҳәлле жетилиги” арқалы платформадан пайдаланылып, әдиллик уйымларына жеткизиледи.
Усының менен әдиллик уйымлары тәрепинен илажлар көриледи. Бир гәп пенен айтқанда, пуқараның машқаласына шешим табылады. ҒХҚ ўәкиллери өзлериниң қызықтырған сораўлары менен әдиллик министрине жүзленди. Өткир қәлем ийелери арасында итибарымызды тартқаны белгили журналист Қ.Жумағалиеваның усынысы болды.
Алтын қәлем ийеси “ҳәзир журналистлердиң ҳуқықый саўатлылығын да асырыў керек, тренинглер, семинарлар шөлкемлестирип бере аласыз ба?” деген сораўды ортаға таслады. Шынында да, журналистлердиң ҳуқықый саўатлылығын асырыў зәрүр. Себеби, ҳәр бир жарытылытуғын темасының қай дәрежеде нызамға туўры келиўин билиўи керек. Бул пикир қоллап-қуўатланды.
Жаҳангир САПАРБАЕВ, ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студенти
