«Михайлдың ўақты»

Мойнақлы Әлий ата Шаддиновты көпшилик биледи. Туристлер ҳәм журналист блогерлердиң сәўбетлесине айланған. Өйткени ол Арал теңизиниң атайы балықшысы болған.

– Ата-бабам теңиз бойында жасаған. Балықшылық ата мийрас кәсибимиз. Атамлар дәслеп дәрьяның теңизге қуяр жерин мәкан еткен. Ол ўақытлары суў алыў көп болып, бар буйымы шыптасын ҳәм қақпаш балығын алып көшкен. Өзим Аша аўылында 1951-жылы туўылып, 1956-жылы Мойнаққа көшип келдик. Әкем менен Арал теңизине биринши мәрте балық аўлаўға шыққанымда 14 жаста едим. Мектепти тамамлағаннан соң мәденият тараўының саз әсбаплары бөлиминде билим алдым. Лекин, балықшылықтан узақлап кете алмадым. Кемпир апам, «сизлер туўылғаныңызда сылаў майыңызға сары май таба алмадық. Балықтың майы менен майлағанға ма, бәриңиз балықшы болдыңыз» деп күлип айтып берер еди.

Сол ўақытлары ислеп турған үлкен балық заводқа тонналап балық аўлап, жеткерип берип турған бригадалар болды. Мен сол бригадалардың бирине басшылық еттим. Теңизге шығып кетип, айлап үйге қайтпайтуғын ўақытларымыз болды.

70-жыллары жасыүлкен балықшылар теңиз суўын уртлап көрип, дузлы болып кеткенлигин сезди ҳәм теңиз суўы азайып атыр, – деди. Биз сол ўақытлары исенгимиз келмеген еди…

Соңын ала балықлардың ашшы суўға жүдә шыдамайтуғын түрлери суў бетине шығып, қалқып турыўын байқадық. Кеселленген дегенлер де болды, лекин бул балықлардың да жоқ болыўының басламасы екен.

Бир ўақытлары теңиздиң көкке шапшыған асаў толқынын бойсындырған, аў тартып билеклери шаршамаған Әлий ата Шаддинов, бүгин теңиз бенен тиллескен санаўлы инсанлардың бири. Бир ўақытлардағы теңиздиң толып-тасып турған ўақтының да, ҳәзирги суўдың қайтқанының да гүўасы. Әсиресе, атаның «Михайлдың ўақты» ҳәм «Сең көшиў» яғный абыржы пайыты ҳаққындағы қызықлы әңгимелери дыққатымызды тартты.

– 17-ноябрь сәнесин барлық мойнақшы балықшылар жақсы түсинеди. Балықшы боламан деген адам ҳаўа-райын да жақсы билиўи керек. Бул сәнеде Михайл деген теңизши Қазақстаннан Мойнаққа өз кемесинде бийдай алып киятырған ўақытта, қатты суўық басланып, кемеси менен қайғылы өлим тапқан. Бул басқаларға үлкен сабақ болған. Соннан баслап, гүз айларының ақырына таман «Михайлдың ўақты» жақынласып қалды, абайлы болың, деп бир-бирин хабарланды рып қоятуғын болған, – дейди.

Теңиздиң суўы ашшы болғаны менен дәрьядан душшы суў түсип турды. Бәҳәрде теңизден аўыз суў ушын сеңлерди жыйнар едик. Сеңлер душшы болғанлықтан, еритип аламыз.

Сондай-ақ, таң қаларлық әжайып көринис ҳеш көз алдымнан кетпейди. Дәрьядан душшы суў түскен жер теңиздиң ашшы суўы менен бирден араласпай, бөлинип ҳәтте сарғыш, қызыл рең менен бөлекленип турар еди.

Теңиз қәўип-қәтери сабағын да көп алғанбыз. Абыржы ўақты балықшының қыйын ўақты. Музға ойылып, жүримим бар екен, бираз жерден муздай суўдан жүзип шыққан пайытым да болды, – деп сөзин даўам етти ата.

Балықшының қызы Оразгүл Өмирзақова менен турмыс қурып, шаңарақ көтердик. Он перзентли болдық. Олардан 37 ақлық ҳәм еки шаўлығымыз бар. Балаларымның бәри балықшылық пенен шуғылланады. Ҳәзир 74 жастаман. Ақлықларым менен де көллерге балық аўлаўға барып тураман. Оларға қайсы балықтың қайсы ўақытта суў бетине шығып ойнайтуғынын яғный ақанаў ўақытларын айтып беремен. Балықлардың ҳәрекетлеринен де ҳаўа-райының қандай болыўын билиўге болар екен. Балық жүдә тереңнен жоқарыға шықпаса, демек үш-төрт күннен соң ҳаўа-райы бузылысады.

Балықшы Әлий атаның қызықлы әңгимелери жүдә көп. Теңиздиң суўы тартылып кетсе де, орнында бүгин алып барылып атырған көклемзарластырыў ислеринен қуўанышта. Инсан қолы менен исленип атырған жасыл қапламалардағы таза өмирге сүйсинеди. Мине, және көз алдында қум ҳәм дуз майданларын дастанып жатырған кеңликлер сексеўилзарлықларға айланбақта.

Әлий Шаддинов 2022-жылы Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30 жыллығы көкирек нышаны ийеси. «Ҳүрмет ҳәм итибар инсанды жасартар екен», дейди ол. Сексеўил ҳәм басқа да шөл өсимликлериниң самал менен шайқалыўы бир ўақытлары өзин тербеген теңиз толқынларын еслетер екен.

Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА, өз хабаршымыз. Мойнақ районы.