Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи жанында «Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик» ураны астында жаслар сейили ҳәм гала концерт бағдарламасы болып өтти.
Онда дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, фестивальдың ашылыўы мүнәсибети менен елимиз жасларын қутлықлады ҳәм бүгинги күнде жасларды қоллап-қуўатлаў, оларға ҳәр тәреплеме ғамқорлық көрсетиў, қәбилетлерин жүзеге шығарыў бағдарында Ҳүрметли Президентимиздиң итибары менен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтти.
Сондай-ақ, бир қатар жөнелислер бойынша жетискенликке ерискен жаслар хошаметленди. Айтып өтиў орынлы, Ҳүрметли Президентимиз басламасы ҳәр жылы июнь айы елимизде «Жаслар айлығы» деп жәрияланып, барлық орынларда түрли илажлар кең түрде өткерилип келинбекте.
Мине, быйылғы жылы да «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында өткерилип атырған жаслар фестивалына Қарақалпақстанда бириншилерден болып старт берилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
