Гүлалшылар шаңарағы

Базар бәндиргисинен «Қутлы мәкан»ға баратуғын жөнелисли таксиге отырып, «Жети үй» көшесин билсеңиз, айтып жиберерсиз, деп шофёрға түсетуғын бәндиргимизди айттық.

– Той болып атыр ма?

– Яқ, жас гүлалшылардың үй музейине киятыр едик.

– Оҳоо бизиң мәканнан гүлалшылар жетилисип атыр ма? Зорғо, ата-бабадан мийрас кәсиплер қайта тикленип атырса. Жаслардан күтсе болады. Имканиятлар барғо, деп бәндиргиден түсирип, «Жети үй» көшесиниң силтеўин берди…

«Устазы бир, устамы бир»

Пайтахтымыз Нөкис қаласында 1985-жылы дүньяға келген Саламат Алламбергенов ҳәм Гөззал Губеновалар орта билим бериў мектеплеринде оқып, таланты, қызығыўшылығы себеп Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернатында сүўретшилик бағдары бойынша билим алды. Көркем өнердиң ҳәр түрли бағдарына қызығыўшы оқыўшыларға талантына қарап билим ҳәм өнер сырларын үйретиўши муғаллимлерден сабақ уғынған жаслар әлбетте, өз мәнзиллерин жаратып, өнер ийелери болып жетилисери анық. Саламат пенен Гөззалда бул мәсканда сүўретшилик бойынша Мурат Худайбергеновтан дәслепки теориялық ҳәм әмелий билимлерин алады. Өнер сырларын үйренген ҳәм талантына исенген бул жаслар көплеген көргизбелер менен таңлаўларға қатнасып, нәтийжелерге ерисиў менен бирге өнерлериниң шеңберинде кеңейтип барады.

«Миллий өнерге жақынлық кеўиллерди де жақынластырды»

Бир қалада дүньяға келип, бир мектепте оқып, бир өнерди үйренип ҳәм ийелеген Саламат Алламбергенов пенен Гөззал Губеновалардың миллий өнерге жақынлығы, кеўиллерин де жақынластырып, бир шаңарақ ийелери болды.

– 2013-жылы Саламат Алламбергенов пенен турмыс қурдық. Шүкиршилигимиз көп. Өнип-өстик, үш перзентимиз бар. Сүўретшилик бойынша қәнигемиз ҳәм қызығыўшылығымыз күшли. Шаңарақлы болғаннан соң қосымша дәрамат киргизиў ушын дүканлардағы бир пискен сувинер ҳәм табақларға сүўрет салып, реңлерин шығарып қайта тапсырып, қәрежет таўып жүрдик.

Шаңарағымыз ийеси, өмирлик жолдасым Саламат Алламбергенов талантына ҳәм келешегине исенип, үйден печь қурып, буйым ислеп шығарыўды мақсет етти ҳәм режелестирди, – дейди Гөззал Губенова.

Әлбетте, «отаў ийеси омыраўлы болса, ҳәр исти ортаға келтиреди» – дегендей олар гүлалшылықты қайта раўажландырыўға бел байлады.

«Мийнеттиң жемиси қасында»

– Өткен жыл май айында Фергана ўәлаятында түркий халықлардың гүлалшылық форумына келиншегим Гөззал менен бирге барып қатнасып қайттық. Жетпис мәмлекеттен мийманлар қатнасты. Бизлерде бираз албыраў болды. Қарақалпақстан Республикасы гүлалшылық мектебинен деп бизлерди таныстырған ўақытта өзимизде өзгеше рухланыў ҳәм күш пайда болды. Қол мийнетинен жасалған буйымларымыздың ҳәм миллий нағысларға қызығыўшылық күшли болды. Көргизбе қатнасыўшыларына жумысларымыз жөнинде мағлыўматлар бердим. Мениң студент болғаным, бул өнерди үйренип ҳәм изленип атырғаным, ең жас ҳәм биринши мәрте қатнасыўшы болғаным есапқа алынып, сертификат пенен сыйлықландым, – дейди өнермент ағзасы Саламат Алламбергенов.

Халықаралық гүлалшылық форумынан үлкен тәсирлер менен қайтқан гүлалшы уста Саламат сол жылы ноябрь айында Қарақалпақстан Республикасы тарийх ҳәм мәденият үлке таныў музейинде «Ылайдан дөретилген маржанлар» жеке көргизбесин шөлкемлестирди ҳәм шеберлик сабағын өтип, қызығыўшыларға жол-жобалар берди.

Шаңарақлы миллий қол өнерине қызығыўшылардың дәслепки ойы гүлалшылық устаханасы менен бирге үй музейин шөлкемлестириў пикирлерин пайда етти. Басқа ўәлаятларда усындай гүлалшылық мектеплерин көрип ҳәўесленген еди.

«Жас гүлалшылар»

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы қоллап-қуўатлаўы менен «Өнермент» бирлеспеси ағзалары, гүлалшылар Саламат Алламбергенов ҳәм Гөззал Губенованың «Шаңарақ керамик» атлы Қарақалпақстанда биринши мәрте гүлалшылық устаханасы ҳәм үй музейиниң ашылыўы болды.

– Әлбетте, гүлалшылық ең әййемги өнерлерден есапланады. Бул өнерди ҳәзирги заман талапларына сай уйғынластырып, келешек әўладқа жеткериўди мақсет еткенмен. Жас гүлалшыларды яғный бизлерди қоллап-қуўатлап атырған Республикамыздың басшыларынан жүдә миннетдармыз. Өзим Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик университетиниң Көркем өнер факультетинде илимий басшым Алишер аға Исмайлов пенен усы өнерди сүўретлеў өнери менен даўам еттирип атырман. Гөззал болса Ж.Изентаев атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернатында гүлалшылық бойынша оқыўшыларға сабақ берип, биргеликте ис алып барып атырмыз», – дейди жылдың ең талантлы студенти таңлаўының республикалық басқышының 2-орын жеңимпазы Саламат Алламбергенов.

Саз кесеклерди унтап, суўға бөрттирип ҳәм електен өткерип, сүзип алып, сорыққаннан соң ийлеп писирип, пакетке салып, керегин шетинен алып «Шарк» үскенесинде ислеймиз деген гүлалшылардың биринши қол мийнетине «Мениң шаңарағым» темасын қойыўы әпиўайы нәрсе емес екен. Бүгин бул шаңарақ гүлалшылар шаңарағы. Ишки ҳәм сыртқы туризмди раўажландырыўға өз үлеслерин қосыўды ҳәм гүлалшылықты кең раўажландырыўды нийет еткен бул жас шаңарақ ҳәм жас гүлалшыларға нийетлери жолдасы болсын деймиз.

Зибира АБДИНИЯЗОВА, арнаўлы хабаршымыз.