«Келешек жаслары» командасы Европаға саяхат жолламасын қолға киргизди

Аўыл хожалығы тараўында жаслардың жаңа, креатив идеяларын қоллап-қуўатлаў, жаңа жойбарларды әмелге асырыўы ушын мотивация бериў, тараўда жетекши ҳәм жоқары потенциалға ийе болған жаслар ушын имканият жаратып бериў мақсетинде Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм «Аграр тараў ҳаяллары» ассоциациясының басламасы менен министрлик системасындағы 10 жоқары оқыў орынларының студент-жаслары арасында «Жаслар ҳәм инновациялық аўыл хожалығы» таңлаўы өткерилди. Усы таңлаўдың биринши басқышында жеңимпаз болған командалар Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде ярым финал ҳәм финал басқышында беллести. Жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген илажда Олий Мажлис Сенат ағзалары, Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Шарлотта Адриан ханым, Аўыл хожалығы министрлиги басшылары, «Аграр тараў ҳаяллары» ассоциациясы ўәкиллери, Жаслар ислери агентлиги, Жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары қатнасты. Аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов илажды кирис сөзи менен ашып берип, усы таңлаўды өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет студент-жасларды аўыл хожалығы тараўында инновациялық идеяларды енгизиўге тартыў ҳәм олардың бул бағдардағы арзыў ҳәм мақсетлерин әмелге асырыўдан ибарат екенлигин айрықша атап өтти. Жәми 3 басқышта өткерилген таңлаў 4099 жасларды қамтып алды. Таңлаў даўамында студент-жаслар тәрепинен жетекши идеялар тийкарында инновациялық жойбарлар инәм етилди. Финал қатнасыўшылары төрешилер қурамы ағзаларына өз жойбарларының мазмуны ҳәм әҳмийетин кең түсиндирип, жеңимпазлықты қолға киргизиў ушын беллести. Қуўанышлысы, Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицина, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалының «Келешек жаслары» командасы усы таңлаўдың ярым финал басқышында жеңимпаз деп табылды. Салтанатлы сыйлықлаў мәресиминде филиал студент-жасларына сыйлы биринши орынды ийелегенлиги ушын I дәрежели диплом ҳәм Европаға саяхат жолламасы тапсырылды.

– Саҳнада сыйлықланған мәўритлеримизде, қыялымда биз жаслар ушын жаратылып берилип атырған кең имканиятларды және бир мәрте терең сезиндим, – дейди студентимиз Шахида Қарлыбаева – бизлер устазларымыз ҳәм команда ағзалары менен тынбай мийнет етип, жойбарымыз үстинде жумыс алып бардық. Нәтийже болса күтилгенинен де зыят болды.

Филиалдың абыройын және де арттыратуғын усындай әҳмийетли жаңалықлардан бирине үлес қосқанымыздан қуўанышқа бөлендик. «Нөкис» халықаралық аэропортында Европаға саяхат жолламасын қолға киргизген «Келешек жаслары» командасы салтанатлы түрде күтип алынды. Күтип алыў мәресиминде филиал директоры А.Есимбетов басшылығында оқытыўшылар, студентлердиң ата-аналары ҳәм дослары қатнасып, жеңимпазларды шын кеўилден қутлықлап, бундай унамлы табыслар даўамлы болыўын тиледи. Мағлыўмат орнында, «Жаслар ҳәм инновациялық аўыл хожалығы» таңлаўының финал басқышында Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң командасы екинши орынды, Андижан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты командасы болса үшинши орынды ийеледи.

Усындай таңлаўлар аўыл хожалығында заманагөй қәнигелерди таярлаў системасын жетилистирип, тараў бойынша жаслардың пуқта ислеп шыққан жойбарларын әмелге асырыўға жақыннан көмеклесиў, өз қәнигелиги бойынша билимли ҳәм белсене жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды хошаметлеўде айрықша әҳмийетке ийе болып есапланады.

Зийўархан Хожамуратова, филиалдың баспасөз хаткери.