Усы жылдың 12-июнь сәнесинде Кегейли районында болып өткен жаслар тойы шеңбериндеги «Автокөликлер сейили»нде жүз берген кеўилсиз көринислер пүткил халқымызды, соның ишинде көп санлы зиялылар қәўимин қәўетерге салды.
Социаллық тармақларда тарқалған унамсыз көринислер ҳаққында «Бул не өзи, тоқлыққа шоқлық па? Яки руўхый жарлылық па? – деген пикирлер қардай борады.
Әлбетте, наразылар, унамсыз тәсир алғанлар арасында өзим де барман. Өйткени, буннан бир ҳәптедей алдын бир неше тийисли экспертлер ҳәм Нөкис районы «Дарсан» мәҳәллесиниң белсендилери менен бирге Қарақалпақстан телевидениесиниң «Мүнәсибет» көрсетиўинде той-мерекелердеги усындай жағдайларды додалаған едик. Мине, санаўлы күнлерден соң жоқарыдағы кеўилсиз ўақыяның жүз берип отырғаны. Қарақалпақстан телевидениеси бул жағдай бойынша оперетив ҳәрекет етип, район белсендилери, ҳәттеки той ийеси ҳәм автотранспорт ҳәдийселеринде қатнасқан жаслар қатнасында гезексиз «Мүнәсибет» көрсетиўин шөлкемлестирди. Көрсетиўде кеўилсиз жағдайлардың келип шығыў себеплери додаланып, келеси ўақытларда бундай жағдайлардың алдын алыў бойынша пикирлер билдирилди.
Атап айтқанда, той-мерекелердиң ықшам ҳәм тәртипли және артықша ысырапгершиликлерсиз өткерилиўи бойынша ҳуқықый нормалар, белгиленген талаплар бар. Тилекке қарсы оған әмел етилмей атыр.
Мәйли, айыпкерлер өз жазасын алды. Бул басқа да жасларға, соның ишинде, «Жаслар сейили»нде хызмет етиўши автотранспорт басқарыўшыларына сабақ болар.
Пикирлерге итибар беретуғын болсақ, устазымыз, белгили журналист Арыўхан Төрекеева атап өткениндей, бунда әлбетте информациялық технологиялардың, интернеттиң, ондағы сырт елдиң бизиң миллий менталитетимизге қайшы келетуғын дәстүрлериниң тәсири бар. Себеби, ҳәзирги жаслар көпшилик жағдайда қол телефоны арқалы сырт елдиң той дәстүрлерин тамашалайды. Тамашалап қоймастан, оларды өзлестирип, бизиң жәмийетимизге, тойларымызға енгизиўге умтылады. Ҳәттеки, өзлери шөлкемлестирген усындай жөнсиз көринислерди видеокөриниске алып, социаллық тармақлардағы өз жеке бетлерине жайластырғанша, дослары, «подписчик»лери менен бөлискенше, көбирек «лайк» жыйнағанша асығады.
Буннан не жуўмақ келип шығады? Әлбетте, руўхый жарлылық, миллий қәдриятларға ҳүрметсизлик. Көрсетиўде атап өтилгениндей, ҳәзирги тез пәт пенен раўажланып атырған дәўирде интернетти, оннан пайдаланыўды шеклеп болмайды. Биз тек ғана, оннан нәтийжели пайдаланыў мәдениятын жетилистириўимиз мүмкин.
Усы орында «Мәҳәлле жетилиги», соның ишинде, «Жаслар жетекшиси» менен «Профилактика инспектор»ларының аймақ жаслары менен еле де тығыз ислесиўине зәрүрлик туўылып атырғаны аттан анық.
Неге дегенде:
– мәҳәллелерде миллий қәдриятлар, үрп-әдетлер ҳәм дәстүрлерди үгит-нәсиятлаў, саламат социаллық-руўхый орталықты сақлаў, той-мерекелердиң ысырапгершиликлерсиз ықшам түрде өткерилиўин тәмийинлеў;
– ҳуқықбузарлық ислеўге мейиллиги болған жаслар, сондай-ақ, профилактика инспекторы менен биргеликте усы категориядағы жас өспиримлер менен системалы ислесиў;
– жас өспиримлер ҳәм жаслар менен оларды ўатанға муҳаббат, ўатансүйиўшилик, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдриятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға, жас әўладты терроризм, диний экстремизм, зорлық ҳәм мийримсизлик идеяларынан қорғаўға бағдарланған жумысларды тиккелей әмелге асырыў ҳәм үгит-нәсият илажларын өткериў «Мәҳәлле жетилиги»ниң ең тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленген. Әлбетте, буны тек «Мәҳәлле жетилиги»ниң мойнына жүклеп қойыў дурыс емес. Бунда тийисли мәкеме-шөлкемлердиң де қатнасы болыўы керек.
Кеўилсиз ўақыяларда қатнасқанлардың көбиси өспирим, 20-25 жас арасындағы ер жигитлер емес пе? Булар бала емес, әке-шешесин ҳәм жасы үлкенлерди тыңлаўы керек ғой, дерсиз! Көрсетиўде той бериўши, унамсыз жағдайларға себепкер болған «доллар» баланың әкеси:
– Мен буннан хабарсызбан, балам мениң менен ойласпады, – деди. Бир тәрептен әкени дурыс түсиниўге болады. Неге дегенде, ҳәзирги ўақытта көпшилик перзентлер, әсиресе, үйлениў жасындағы, той десе қуўбастай жомалап кететуғын қызғын жаслар бул мәселеде ата-анасы менен ойласпайды. Өмиримде бир мәрте болатуғын той, оны, әсиресе, жаслар тойын қандай өткериўди өзим шешемен, дейтуғынлар да табылады. Ата-ана да перзентиниң райына қарайды. Мине, буның ақыбети…
Ҳақыйқатында той илажларында болған бул ўақыя көпшилик қатары жеке өзимди де қәўетерге салды. Көринислер оғада қорқынышлы, сырт еллердиң киноларын еслетер еди. Себеби, биз бундай көринислерди тек сырт ел киноларында ғана көрип жүр едик. Усы жерде, неге арзымаған қәрежет ушын олардың өз жеке автокөлигине жаны ашымайды, автокөлик ҳәр кимниң қолы жете бермейтуғын баҳалы нәрсе емес пе? – деген сораў туўылады. Сондай-ақ, автокөликке зыян жеткен сайын оның қуны түсип баратуғыны бар гәп емес пе?
Буннан бир ғана жуўмақ шығады. Әлбетте, автокөликти өз мийнети менен, өз пулына алмаған. Усы жерде автокөлик ийелерине ҳәзилли-шынлы: көликлериңизге жаныңыз ашымайтуғын болса, Қарақалпақ киносына қәўендерлик етсеңиз яки темир көликлер ҳәм оған кеткен шығынның орнына ата-бабамыздың той дәстүрин ислеп, ашық майданларда шериңизди шығарып ат шапсаңыз қалай болар еди, дегиң де келеди.
Көрсетиў экспертлери арасында «Жаслар тойы» керек емес, дегенлер де болды. Әлбетте, өзгениң пикирин қәдирлеймиз. Бирақ, бүгингидей жасларды қоллап-қуўатлап атырған журтта оны шеклеўдиң илажы жоқтай. Бизден тек ғана усы тойларды ықшамластырып, миллий қәдриятларымызға тән түрде өткерилиўин шөлкемлестириў талап етиледи. Себеби, бизиң көпшилик халықларда ушырамайтуғын 100 томнан аслам фольклорымыз, онда той-мерекелерди ықшам ҳәм қызықлы өткериў бойынша көркем шығармаларымыз, рәң-бәрең ҳәм заўықлы миллий үрп-әдетлеримиз бенен ойынларымыз бар емес пе? Әлбетте бар!
Улыўма айтқанда, соңғы жылларда Ҳүрметли Президентимиз, Ҳүкиметимиз ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси тәрепинен мәҳәлле институтын ҳәр тәреплеме раўажландырыў мақсетинде кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Усы мақсетте «Мәҳәлле жетилиги»ниң жумысы жолға қойылып, миллий қәдриятларымыз негизинде «Көше бийлери» институты пайда болды.
Көше бийлери ҳаққында сөз еткенде, олардың соңғы еки жыллықта мүнәсип хошаметленип атырғанын, ҳәттеки, бийлер ушын өз алдына Республикалық таңлаўлар шөлкемлестирилгенин, және олардың мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланып атырғанын да атап өтиў орынлы.
Мине, жоқарыдағы жағдайда «Көше бийлери» менен «Көше басы ҳаяллары» да «Мәҳәлле жетилиги»не ийинлес болып, өз аймакларында той-мерекелеримизди ықшам ҳәм тәртипли және ысырапгершиликлерсиз өткериўди турақлы түрде үгит-нәсиятлап барыўы керек, деп ойлайман.
Әлбетте, мәҳәллемиздеги басқа да жағдайлар менен тойлардағы қыңырлықларды сапластырыўға, миллий менталитемизге тән тойларды шөлкемлестириўге усы жәмийетте жасап атырған бәримиз теңдей жуўапкермиз. Бәримиз бирлесип, үгит-нәсиятты күшейтсек, миллий қәдриятларымыз, рәң-бәрең үрп-әдетлеримиз бенен суўғарылған ықшам ҳәм тәртипли, ысырапгершиликсиз тойларды шөлкемлестире аламыз.
Чаржаў ЕЛМУРАТОВ.
