Қоңыратлы өнермент қыз

Бүгин мәмлекетимизде жеке тәртиптеги өнерментшилик түрлерин, тоқымашылықты раўажландырыў, исбилерменлик искерликлерин кеңейтип ҳәм усы тийкарында майыплығы болған ҳаял-қызлар белсендилигин арттырыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеўге өзгеше итибар қаратырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими басламасы менен исбилерменлик ҳәм өнермент ҳаялларды қоллап-қуўатлаў, оларға зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде ассоциация қасынан “Қоңыратлы шебер қызлар” унитар кәрханасы шөлкемлестирилди.

Қоңырат районында жасаўшы балалығынан II топар майыбы кәрхана баслығы Шынар Узақбаева тигиўшиликтиң сырларын пуқта ийелеп, усы өнери арқалы шаңарағын абат қылып атыр. Сол қатары мәҳәллесиндеги 13 ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеп, олардың 12 майыплығы болған ҳаял-қызларға өнер үйретип атыр.

Бүгинги күнде кәрхана Қоңырат районы Санат колледжи имаратында ижара тийкарында жумыс алып бармақта. Тийкарынан тигиўшилик өнимлерин яғный көпшик қап ҳәм төсек орын қапларды ислеп, Қоңырат, Мойнақ, Шоманай ҳәм Қанлыкөл районлары Медицина ҳәм Мектепке шекемги билимлендириў шѳлкемлеринен мәмлекетлик буйыртпаларын алып, өз ўақтында толық ҳәм сапалы орынлап атыр.

Қоңырат районында бүгинги күнде майыплығы болған ҳаял-қызлар саны 2179 ды қурайды.

– Өзим сыяқлы майыплығы болған мүтәж ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлениўи жүдә қыйын мәселелериниң бири есапланады. Келешекте кәрхананың жумысын кеңейтирип, 100 ден аслам майыплығы болған ҳаял-қызлар ушын жумыс орынларын жаратыў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ мийнет базарында олардың бәсекегелигин арттырыў ибарат – дейди, қәрхана баслығы Ш.Узақбаева.

Бир сөз менен айтқанда, Қоңырат районы майыплығы болған ҳаял-қызлар бәнтлиги тәмийинлеў, Өзбекстан Республикасы Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен қоллап-қуўатлаў барысындағы жумыслар избе-излик пенен даўам еттирилип атыр. Яғный ассоциация қасынан 8 жуўапкершилиги шекленген жәмийет өз үлеслерин қосып атырғанлығы, аймақ бәнтлигини тәмийинлениўине  алып келеди.

Саламат АВЕЗОВ,
Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими қәнигеси.