Қундыз Жумағалиева 1978-жылы Шоманай районында әпиўайы жумысшы шаңарағында туўылған. Райондағы 12-санлы орта мектепти тамамлағаннан соң 2000-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университетиниң журналистика бөлимине оқыўға кирип, табыслы питкерип шығады.
Дәслепки мийнет жолын 2004-жылы Республика зыялыларының «Устаз жолы» газетасының арнаўлы хабаршысы болып ислеўден баслайды. Ол газетада ислеген дәслепки жылларында-ақ өзиниң принципиаллығы ҳәм журналистлик позицияға ийе көз-қараслары менен көпшиликке танымалы болды. Әсиресе, мектеп оқыўшылары турмысындағы машқалаларды шешиўде өзиниң өткир ойлы мақалалары менен халық билимлендириў тараўындағы кемшиликлерди сапластырыўға бағдарланған мақалаларын газета бетинде жәриялап барды. Газетада ислеген дәўирлеринде мақалалар жазыў менен бирге өз гүрриңлерин де жәриялап турды.
2019-жылы газета жумысларының белгили себеплерге байланыслы тоқтаўына байланыслы ол Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясында редактор болып жумыс ислеп баслайды ҳәм ҳәзирги күнде де усы жумыс орнында ислеп келмекте.
Қарақалпақстан радиосында турақлы еситтириўге ийе «Ибрат», «Ҳаял ҳәм жәмийет», «Әсир машқаласы» темасындағы еситтириўлердиң редакторы. Усы жумыслары менен қатар баспасөзге де турақлы қатнасып мақалалар, гүрриңлер жәриялап барады.
Қундыз Жумағалиева излениўшең журналистлердиң бири.
2019-жылы «USAID» жойбары ҳәм Өзбекстан Журналистлерин қайта таярлаў орайы менен биргеликте өткерген «Биз коррупцияға қарсымыз» ҳәм Германия бирге ислесиў шөлкеми, журналистлерди қайта таярлаў орайы менен биргеликте өткерген «Әмиўдәрья төменги ағымы экосистемасын сақлаў ҳәм жерден пайдаланыўда экологиялық мәселелерди ҒХҚ да сәўлелендириў» жойбары шеңберинде өткерилген журналистлик материаллар таңлаўында 2-орынды ийеледи.
2018-жылы «Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы» көкирек нышаны менен сыйлықланған.
Қундыз Жумағалиева социальлық тармақларда да өзиниң жеке профилинде ҳәм «Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты» топарында жәмийеттеги өзгерислер, болып атырған жаңалықлар ҳәм ўақыяларға өз мүнәсибетин билдирип мақалалар, гүрриңлер жазып турады. Қундыздың мақалалары да, гүрриңлери де әпиўайы тил менен тартымлы болып жазылып өз оқыўшыларына ийе.
– Бүгинги күнде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмуны «Инсан қәдири ушын» принципиниң әҳмийетине қаратылар екен, бунда әлбетте жасы үлкенлеримиздиң турмыслық тәжирийбеси ҳәм ақыл-нәсиятын тийкар етип ала отырып, жаслардың тәрбиясына терең итибар қаратыў ҳәм келешектеги ел азаматларын тәрбиялаўда биз журналистлердиң де айрықша орны бар деп есаплайман.
Ҳәзиргидей глобалласыў ҳәм кескин бәсекилик дәўиринде, дүньяның ҳәр қыйлы мүйешлеринде жүз берип атырған қарама-қарсылықлар, жаңа қәўип-қәтерлер алдымызға кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпаларды белгилеп бермекте.
Усындай шараятта елимиз жасларын Ўатанға муҳаббат, жоқары руўхый-этикалық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў, олардың санасына тынышлық ҳәм татыўлықты көздиң қарашығындай қәстерлеп-сақлаў зәрүрлигин терең сиңдириў дәўир талабы болып есапланады. Ўатанымызды қорғаў, оның даңқын дүньяға жайыў сыяқлы ең әҳмийетли түсиниклерди, турмыслық ҳәм профессионал көнликпелерди илим-билимлендириў, сондай-ақ, миллий қәдириятлар тийкарында жаслардың санасына сиңдирип барыў арқалы ана Ўатанымызды шын шүректен сүйетуғын, садық ҳәм жигерли жасларды тәрбиялаў – бизиң пидайы кәсип ийелериниң де баслы мақсети болып табылады.
Мен мәмлекеттин сиясий-экономикалық жақтан раўажланыўына үлес қосатуғын бир тараў хызметкери сыпатында өзимди оғада бахтияр сеземен. Радиоға келген кунимнен баслап мамлекетти харекетке келтирип турган барлык тараўлар менен ислесиуди ўйренип басладым. Еситтириўге катнасыў ушын келген тарау хызметкерлерине өзлери алып барып атырган жумыслары ҳәм кәсибине байланыслы сорау бере алыу ушын оны тереңирек үйрениўге туўра келеди ҳәм талап етеди.
Әлбетте, радиоға жумысқа келмесимнен алдын газетада ислеген 15 жыллық мийнетим мени радиоға келгенимнен кейин көплеп табысларға ерисиўиме себепши болған. Ерискен барлық табысларымда газета редакцияларында жумыс ислеген ҳәм ҳәзир де қыйын-қыстаў дәўирде де таслап кетпей, пидайылық пенен ислеп атырған устазларымның үлкен мийнети бар деп есаплайман.
Малколм Маггеридждиң «Баспа – бул қағаздағы ҳүжданымыз» – деп баҳа бергениндей ҳақыйқатында да газета бул ўақыяларды қалыс сәўлелендириўши бирден-бир қурал болып табылады. Өзлигин, кимлигин көрсетиўши – халықтың айнасы деп билемен. Көпшилик газета менен радионың парқын сорайды, буның аспан менен жердей парқы бар. Бирақ, мақсетимиз бир, идеологияны үгит-нәсиятлаў арқалы халықты дурыс жолға бағдарлаў. Мен пайыттан пайдаланып усындай ийгиликли кәсипте жумыс алып барып атырған бәрше кәсиплеслеримди кәсиплик байрамы менен қутлықлайман. Халқымызда «наның қалың болсын» деген әжайып тилек бар. Кәсиплеслеримниң ырысқы-несийбеси мол, тапқан табыслары берекетли болсын, – дейди кәсиплесимиз Қ.Жумағалиева.
Кәсиплесимиз Қ.Жумағалиева газетада тәжирийбе топлап, бираз қәлемин өткирлестирип, радиода өз мийнет жолын даўам еттирмекте. Бүгинги күни ол «Қарақалпақстан» радиоканалы жәмийетлик-сиясий ҳәм социал-экономикалық бағдарламалары бас редакциясының редакторы болып ислеп келмекте.
Ол «3-май жәҳән баспасөзи күни» мүнәсибети менен дәстүрий түрде өткерилетуғын «Алтын қәлем» XVIII миллий сыйлығы ушын халық аралық таңлаў жеңимпазы болып мийнетиниң баҳаланғанынан жүдә қуўанышлы. Бизде кәсиплесимиздиң жумысларында табыслар тилеп, еситтириўлериниң еле де кеңейиўине тилеклеспиз.
Зибира АБДИНИЯЗОВА.
