Тест сынақлары өткерилип атыр

2024–2025-оқыў жылында жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў тест сынақлары болып өтпекте.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тәрепинен Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде өткерилип атырған тест сынақларында қатнасатуғын абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары ушын күтиў орынлары, тест процесин онлайн бақлаў имканияты, сондай-ақ, басқа да зәрүр шараятлар жаратылды.

Абитуриентлер бирим-бирим тийисли ҳүжжетлерин көрсетип, тест тапсырыў залына кирип тест тапсырыўды баслады. Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайының директоры Бекмурза Диланов ҳәм институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қувондиқ Қодиров абитуриентлердиң ата-аналары менен сәўбетлесип, олардың перзентлерине тест сынақларында әўметлер тиледи.

– Қызым Гүли тест сынақларына кирип кетти. Оның тест тапсырып атырғанын телевизордан бақлап отырман. Жақсы белгилеп, жоқары балл алып оқыўға кирип кетиўине тилеклеспиз. Тест сынақларын тапсырыўға келген талабанларды қоллап-қуўатлаў ушын келген ата-аналары, туўған-туўысқанлары ҳәм жақынлары ушын қолайлы шараятлар жаратып бергени ушын миннетдармыз, – дейди ата-аналардың бири.

Еслетип өтемиз, тест сынақлары күнине еки сменада бириншиси 08:00 ден 11:00 ге шекем, ал 2-смена 15:00 ден 18:00 ге шекем болып өтеди. Тест сынақлары толық видеобақлаў арқалы онлайн трансляция етилмекте ҳәм процессти test2024.uz сайты арқалы онлайн бақлап барыў имканияты жаратылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.