«Тоқтама, әўмет яр болсын, балам!»

– Мен бул спорт түрине кирип келгениме ҳәм шуғылланып атырғаныма он жыл болды. Себепши ағам Мухаммед Аймуратов болды. Ол мениң спортшы болыўымды жүдә қәледи. Түрли спорт түрлери менен шуғылланып көрдим. Бирақ, маған қылышпазлық басқа спорт түрлеринен заўқы өзгеше көринди.

Мен Нөкис қаласы, 29-санлы мектепте оқып жүрип, тренеримниң мәсләҳәти менен оқыўымды 7-класымда қәнигелестирилген Олимпия резервлери мектеп-интернатына көширдим ҳәм сол жерде 11-класқа шекем оқыдым. Ол жерде спортшылар ушын жаратылған имканиятлар, жатақ жай ҳәм өз ўақтында бес мезгил аўқат пенен тәмийнленер едик. Бундай имканиятларды көрип, спортқа деген қызығыўшылығым бурынғыдан да арта баслады. Әсиресе, мени ең толқынландырғаны Ҳүрметли Президентимиз Комплекс спорт орайына келип, бизлер менен көрисип, сәўбетлести. Сонда мениң ийнимнен қағып «Тоқтама, әўмет яр болсын балам» деди.0

 Буны дәрриў анам Гүлжамила Меңлибековаға айттым. Ол да қатты қуўанып, мени хошаметледи. Сол ўақытта шын жүректен нийетлеп еле көп сыйлықларды аламан деген едим. Мине нийетиме басқышпа-басқыш ерисип атырман. Бул маған үлкен күш-жигер бағышлады, – дейди Муса Аймуратов.

«Устазы жақсының устамы жақсы» дегениндей Муса Аймуратов бүгинге шекем не жетискенликке ериссе, тренери Руслан Султановтың мийнетлериниң жемиси деп ойлайды. Не бир қыйын спорт шынығыўларынан артқа шегинбей, алдына қойған нийетине жетиў ушын ҳәрекет етип, өзинде күш таба билген ол, бирнеше жарыслардың жеңимпазы болды. Солардан айырымларын айтатуғын болсақ 2023- жыл 21-22-январь күнлери спорттың қылышпалық түри бойынша Перу мәмлекетинде өткерилген Жәҳән кубогында еки мәрте 1-орынды ийелеп, еки алтын медаль, 2023-жылы 3-5-февраль күнлери Болгария мәмлекетиниң Пловдив қаласында өткерилген Жәҳән кубогында сыйлы 2-орынды ийелеп, гүмис медалы менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, ол 2023-жыл 17-22-июнь күнлери Қытай мәмлекетиниң Ухи қаласында өткерилген Азия чемпионатында сыйлы орынларды ийелесе, 2024-жыл 21-февраль күни спорттың қылышпазлық түри бойынша Баҳрайн мәмлекетиниң Манама қаласында өткерилген Азия чемпионатында сыйлы 1-орынды ийеледи.

Усы жыл июнь айында Россия Федерациясының Қазан қаласында өткерилген BRIKS спорт жарысларында Өзбекстан сайланды командасы сыйлы 3-орынды ийеледи. Өзбекстан сайланды командасының бул жеңисине қарақалпақстанлы спортшылар да өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосты.

Атап айтқанда, сайланды команда қурамында Муса Аймуратовта болып қола медалы менен сыйлықланды. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Дене мәденияты факультети 3-курс студенти спорттың қылышпазлық түринен Азия чемпионы Муса Аймуратов 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланды.

– Тренерим маған жүдә көп жәрдемлести. Ҳәр күни шынығыўлар ислеп, үлкен мақсетлерге ерисиўиме мотивация берип умтылдырып, ўақыттан утымлы пайдаланыўымды үйретти. Үлкен-үлкен имканиятларға ерисиўлеримди айтқан ўақытлары маған қол жетпес әрмандай сезилер еди. Исеним менен умтылдым ҳәм көп ўақыт өтпей имканиятларға ерисе басладым. Жарысларда жеңимпаз болып, Азия чемпионы болдым. Жоқары оқыў орнына грант тийкарында оқыўға кирдим. «Мард уғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланған ўақтымдағы толқынланыўымды сөз бенен жеткерип бере алмайман, – дейди мақтанышлы жасларымыздың бири Муса Аймуратов.

Ҳақыйқатында да, ҳәр қандай хошамет ҳәм мийнет нәтийжесиниң баҳаланыўы инсанды жаңа басламаларға руўхландырады. Әлбетте, Жәҳән ҳәм Олимпиада спорт ойынларында жеңимпаз болып, елимиздиң байрағын көклерде желбиретип, жоқары сыйлықларды алыўды нийет етип атырған Мусаның жасларға ҳәм теңлеслерине биз ойлағанымыздан да күшли имканиятлар барлығын күш, умтылыс пенен жоқары шоққыларға ерисетуғынлығымызды айтпақшы.

Дурыс, сизлердей шаққан, зәбердес спортшыларымыз бар екен елимиз байрағы желбирей береди.

Гүлдана ДӘЛИБАЕВА, ҚМУ, қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студенти.