Питкериўши жаслар «Ветеринар анты»н қабыл етти

Самарқанд мəмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳəм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында «Ҳақ жол Сизге, питкериўши!» сүрени тийкарында питкериўшилерге диплом тапсырыў ҳəм «Ветеринар анты»н қабыл етиў мəресими болып өтти.

Илажда филиал басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳəм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң ўәкиллери, ата-аналар, профессор-оқытыўшылар ҳəм питкериўши студент-жаслар қатнасты.

Филиал директоры, профессор Адилбай Есимбетов сөзге шығып, жаңа шыңларға қарай қəдем таслап атырған питкериўши жасларды қызғын түрде қутлықлап, олардың 4 жыл даўамында қолға киргизген табысларын мақтаныш пенен тилге алып, айрықша атап өтти.

– Мине бүгин ҳəммеңиз үлкен өмир, жаңа имканиятларға қарай қəдем қойып атырсыз, – деди директор А.Есимбетов. – Сизлерге айтар кеңесим, ҳəмийше өз билимиңизге таяның, жоқары интеллект, заманагөй пикирлеў ҳəм жетик билим сизиң келешектеги образыңызды жаратып береди.

Буннан соң илаждың кулминация ноқаты жетип келди ҳəм «Ветеринар анты»н қабыл етиў мəресими өткерилди. Ветеринария медицинасы қəнигелигиниң питкериўши жаслары салтанатлы түрде «Ветеринар анты»н қабыл етип, өз кəсибине садық хызмет қылыўға ўәде берди.

Мине усындай толқынланыўларға бай пурсатларда байрам илажына мийман сыпатында келген ата-аналар сөзге шығып, перзентлерине билим ҳəм тəрбия берген филиал профессор-оқытыўшыларына миннетдаршылық билдирип, бəрше питкериўшилерге ҳақ жол тиледи.

Буннан соң филиалдың белгили «Қарекеңше онлайн» командасының ағзалары болған питкериўши жаслар айрықша атап өтилип, оларға филиал ушын ислеген қалыс хызметлери ушын терең миннетдаршылық билдирилди. Әйне усы команда қатнасыўында əжайып концерт бағдарламасы қойып берилди.

Жуўмағында болса, питкериўшилерге дипломлар салтанатлы түрде тапсырылды. Мағлыўмат орнында, быйылғы оқыў жылында 5 қəнигелик бойынша жəми 356 студент қəнигелиги бойынша дипломға ийе болды. Усы санлар филиал тарийхындағы биринши ең көп питкериўшилер болып мөрленип қалады.

Зийўар ХОЖАМУРАТОВА.