Усы жылдың 29-июль күни Нөкис қаласы орайындағы мәмлекетлик байрақлар орнатылған орында «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жыллары жасларға, соның ишинде, олардың спорт пенен шуғылланыўы ушын кең мүмкиншиликлер жаратылып атырғанын тилге алды.
Соның нәтийжесинде көплеген жасларымыз халықаралық ареналарда елимиздиң байрағын жоқарыларға көтерип, оны дүньяға танытыўға үлес қосып келмекте.
Дәл ҳәзирги ўақытта Париж қаласында өткерилип атырған жазғы олимпиада ойынларына Қарақалпақстан Республикасынан 3 жас Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасып атырғаны сөзимиздиң дәлили бола алады. Сондай-ақ, бул кеўилллеримизде мақтаныш сезимин оятады.
Республикамыздың ең шетки аймақларына шекем кирип барып, 40 мыңнан аслам жасты өзине қамтып алған жарыс жуўмағына бола:
Футбол түри бойынша:
1-орын – Әмиўдәрья районы, «Толқын» АПЖ;
2-орын – Шоманай районы, «Тазабазар» МПЖ;
3-орын – Қоңырат районы, «Елабат» ППЖ.
Мини футбол (Ер балалар):
1-орын – Нөкис районы, «Қырантаў» АПЖ;
2-орын – Нөкис қаласы, «Темир жол» МПЖ;
3-орын – Қоңырат районы, «Гүлабат» МПЖ.
Мини футбол (қыз балалар):
1-орын – Әмиўдәрья районы, 2-сектор;
2-орын – Мойнақ районы, 4-сектор,
3-орын – Шоманай районы, 1-сектор.
Майыплығы болған жаслар арасында спорттың шахмат түринен (ер балалар):
1-орын – Айбек Сайпназаров, Қанлыкөл районы;
2-орын – Аббаз Ешмуратов, Шоманай районы;
3-орын – Айдос хожаниязов, Шымбай районы.
Майыплығы болған жаслар арасында спорттын шахмат түринен (қыз балалар):
1-орын – Какишова Селби, Тақыятас районы;
2-орын – Нилуфар Хабибназарова, Қараөзек районы;
3-орын – Элеонора Генжемуратова, Шымбай районы.
Илаж жуўмағында барлық жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип хошаметленип, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Бекберген ӘДИЛБАЕВ.
