Бүгинги күнде дерлик пүткил дүнья жүзинде мәлимлеме технологиялары раўажланып, интернет тармағынан пайдаланыўшылар саны артып бармақта. Себеби, компьютер, интернет, санлы технологиялар тийкарында жаратылған бағдарламалардың ѳзи – заманға сәйкес түрде «Мәлимлеме технологиялары әсири»ниң заманагѳй қуралларынан пайдаланып илим, билим, ақыл ҳәм сананың раўажланыўына ѳзиниң унамлы негизлери менен инсан ѳмиринде айрықша орынды ийелейтуғын факторлардың бирине айланып үлгерди.
Солар қатары, бул технологиялардан пайдаланыўшы инсанлар да еки тайпада, яғный ѳзлериниң ақыл ҳәм санасын раўажландырыўға, аралықтан туўры мақсетлер менен мийнет искерлигин жүргизиў арқалы қаржы табыўға, илим ҳәм билим ийелеўге, ѳзлериниң ўақытын, қәрежетлерин тежеўге, ал айырым инсанлар болса аңсат жолды таңлап, буның ақыбетин аңламаған түрде қыңыр ислердиң қыйығы менен ѳзгелер мүлкин, қаржысын талан-тараж етиўге шекем бармақта.
Буның ақыбетинде, кибермәканда әмелге асырылып атырған жынаятлар саны ҳәзирги күнде сезилерли дәрежеде асты. Кибермәкандағы жынаятлардың басқа жынаятлардан парқы бул жынаятты шахс аралықтан турып әмелге асырады, инсан бул жынаятты ѳз кѳзи менен кѳрмейди, бул жынаятта инсан ѳмирине емес, ал мағлыўматларына ҳүжим етеди.
Тийкарынан кибержынаятшылық бул, мәлимлемени ийелеў, оны ѳзгертиў, жоқ етиў ямаса мәлимлеме системалары ҳәм ресурсларын истен шығарыў мақсетинде кибермәканда бағдарлама тәмийнаты ҳәм техника қуралларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылатуғын жынаятлар жыйындысы болып есапланады.
Ҳәзирги күнде ең кѳп тарқалып атырған жынаятлардан бири банк пластик карталары менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар болып табылады. Ал, халқымыз ушын пластик карта арқалы тѳлемди әмелге асырыў ең қолайлы усыл сыпатында тән алынған ҳәм әмелиятта кең қолланылады. Пластик карта жойтылып қалған жағдайда да оннан ҳеш ким пайдалана алмаўы қаржының қорғалыўы кепили саналады.
Бирақ, соған қарамастан билип-билмей киберҳуқықбузарлықларды әмелге асырып атырған шахслардың торына түсип, ѳзлериниң пластик карталары пароль ҳәм кодларының санларын ашық түрде усынып, қаржыларынан айрылыўлары бақланбақта.
Ҳәттеки, дерлик басым кѳпшилигимиздиң күнделикли турмысымызда ушырасатуғын саўда орынларында, асхана, кафе, ресторанларда ҳәм басқа да кеўилашар орынларда қандай да бир хызметтен пайдаланса яки саўда ислесе пластик карталарды ҳәм олардың паролин хызмет кѳрсетиўшиге, саўда орны ийесине ямаса басқа шахсларға гиреў сыпатында таслап кетиў, пластик картадан пулды шешип алыў ушын басқа шахсларға кѳрсеткен ямаса еситтирген ҳалда олардың сырлы санларын билдириў жағдайлары ушырасады.
Бул ѳз нәўбетинде, билип-билмей ѳзлерине қарата әмелге асырылатуғын киберҳүжимниң қурбанына айланып қалмақта. Мине усындай нызамбузыўшылықлардың алдын алыўға қаратылған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи ҳәм олардың әмелде орынланыўының тәмийинлениўи, әлбетте кибер тараўындағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға хызмет етеди.
Бул бағдарда бизиң мәмлекетимизде де бир қанша нызам ҳүжжетлери қабыл етилип, солардан тийкарғысы Ѳзбекстан Республикасының «Киберқәўипсизлик ҳаққында»ғы Нызамы саналады ҳәм нызамның мақсети киберқәўипсизлик тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. Бул бағдарда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты Ѳзбекстан Республикасының Президенти белгилейди, ал мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети киберқәўипсизлик тараўында ўәкилликли мәмлекетлик уйымы саналады.
Ѳз нәўбетинде ўәкилликли уйымлар ҳәм ҳуқықты қорғаў органлары тәрепинен тараўға байланыслы үгит-нәсият жумысларын асырыў арқалы халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәденият арттырыўға ерискен түрде бундай ҳуқықбузарлықлардың қурбанына айланыўдың алдын алыўға ерисилмекте. Сондай-ақ, жаза шараларын белгилеў арқалы оларды болдырмаў мақсетинде жынайы жуўапкершилик те белгилеп қойылды.
Солар қатары, мәлимлеме технологиялары тараўындағы жынаятларды, яғный мәлимлемелестириў қағыйдаларын бузғанлық, компьютер мәлимлемесинен нызамға қайшы түрде пайдаланыў, компьютер системасынан, сондай-ақ телекоммуникация тармақларынан нызамға қайшы түрде (рухсатсыз) пайдаланыў ушын арнаўлы қуралларды ѳткериў мақсетин гѳзлеп таярлаў ямаса ѳткериў ҳәм тарқатыў, компьютер мәлимлемесин модификацияластырыў, компьютер саботажы, зыян келтириўши бағдарламаларды жаратыў, ислетиў ямаса тарқатыў, телекоммуникация тармағынан нызамға қайшы түрде (рухсатсыз) пайдаланыў тийисли жынайы жуўапкершиликке себеп болып, буның ушын белгиленген муғдардағы жәрийма жазасынан баслап үш жылға шекем еркинен айырыўға шекемги жаза шаралары қолланылады.
Жуўмақлап айтқанда, халқымызды бүгинги мәлимлеме технологиялары раўажланған дәўирде дүнья мәмлекетлери халықлары заманагѳй технологиялар ҳәм интернет тармақларынан пайдаланыўдың кең имканиятларынан туўры пайдаланып жетискенликлерге ерисип атырған бир дәўирде биз де бундай мүмкиншиликлерден ақылға уғрас пайдаланыўға, соның менен бирге кибермәканда сергекликти сақлаған түрде ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға ҳәрекет етейик.
Нурья БЕРДИНИЯЗОВА,
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң ҳуқықый мәлимлеме бойынша бас мәсләҳәтшиси.
