Суўға кетиў жағдайлары

Соңғы жыллары Республикамыз аймағында жайласқан шомылыў қадаған етилген суў ҳәўизлеринде, дәрья ҳәм каналларда инсанлардың суўға кетиўи менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселер артып бармақта.

Жүз берип атырған бахытсыз ҳәдийселерде әсиресе, жас өспиримлерди қараўсыз қалдырыўлары, айырым пуқаралардың белгиленбеген орынларда шомылыўы, жүзиў қағыйдаларын билмеўи, бийик жерлерден (көпир, терек, тик жарлар) бойын таслаўлары, спиртли ишимликлер ишип суўға түсиўи баслы себеплерден болып қалмақта.

Суўда шөгиў менен байланыслы болған бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў ушын пуқаралар арасында шомылыў қадаған жерлерде шомылмаў кереклиги, шомылыў мәўсиминде рухсат етилген орынларда шомылыў қағыйдаларына қатаң әмел етиўи, шомылып атырған жас балаларды қараўсыз қалдырмаў кереклиги ҳаққында үгит- нәсият жумысларын күшейттириў лазым болып табылды.

Әлбетте, ҳәр бир инсан жаздың жазийрама ыссысында өзине жақын жердеги каналға ямаса жап-салмаларға барып суўда шомылғысы келеди. Сондай ўақытта ата-аналар да балаларына итибарлы қараса мақсетке муўапық болып, бахытсыз жағдайлардың алды алынған болар еди. Себеби, бундай жағдайлардың алдын алыў ҳәр бир инсанның өзине байланыслы.

Р.А.РЕИМОВ,

Шоманай районы АЖБ аға ин спекторы, капитан.