Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты тәрепинен «Қарақалпақ фольклоры» көп томлылығының 101-106 томлығы китап болып баспадан шықты.
Бул көптомлық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың тиккелей қәўендерлигинде, академик Н.Аимбетовтың бас редакторлығында, филология илимлериниң докторлары, профессор А.Альниязов ҳәм Ж.Хошниязовлардың жуўаплы редакторлығында баспадан шығарылды.
Әлбетте, Қарақалпақ фольклоры көп түрли ҳәм көп қырлы. Фольклордың бай тараўы болған аўыз-еки әдебият үлгилериниң үлкен бир дүркинин поэзиялық дөретпелер қурайды. Әсиресе, халықтың дәстүрий поэзиясын қураған жанрлар узақ заманлар бойы аўыздан-аўызға көшип, түрленип, усы күнимизге шекем жетип келген.
Булардың арасында той қосықлары ҳәм айтымлар, келин тойдың көрки болған беташар жыры, халықтың кеўилин хошлаўшы турмыслық ҳәм ҳәзил-дәлкек қосықлары, инсан өмириниң ҳәр қыйлы кеширмелерин аңлатыўшы муҳаббат ҳәм муң-шер қосықлары, адам басына қайғылы күн түсип, жақынынан айырылған ўақытта айтылатуғын жоқлаўлар айрықша орын тутады.
Усынылып атырған бул китап халық поэзиясының усындай дүрданаларын өзинде жәмлеп, түрлери ҳәм жанрлары бойынша «Той қосықлары ҳәм айтымлар», «Бет ашар жыры», «Турмыс ҳәм ҳәзил-дәлкек қосықлар», «Муҳаббат ҳәм муң-шер қосықлары», «Тәрийп ҳәм тарийхый қосықлар», «Жоқлаўлар» сыяқлы бөлимлерге бөлинген болып, 480 бетке шамалас көлемге ийе. Бул дөретпелердиң басым көпшилиги биринши мәрте жеке-жеке жанр түринде усы томлыққа киргизилген ҳәм олар ишки тематикасы бойынша системаластырылған.
Көп томлық тилшилер, әдебиятшылар, фольклортаныўшылар, мәденияттаныўшылар ҳәм халық аўызеки дөретпелери менен қызығыўшы барлық оқыўшылар қатламына арналған болып, ол жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға, кең жәмийетшилик ўәкиллери арасында миллий қәдириятларымызды үгит-нәсиятлаўға ҳәм ен жайдырыўға хызмет етеди.
Ә.Жийемуратов, Қарақалпақстан хабар агентлиги.
