Қалалы жердиң кишкене қыйтақ жеринен-ақ қыйыстырып, үлкен табыс дерегин жаратып отырған заманласларымыз бар. Истиң көзин таўып, ең әўели дастурханының молшылығына ерисиў – бул кәсип яки орын таңламас екен.
Нөкис қаласындағы 23-санлы Қумаўыл мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Элмира Шарапова өз мийнет сүйгишлиги менен көпшилик ҳаял-қызларға үлги болып киятыр. Қыйтақ жериниң бир бөлегине теплица қурып қойған болса, бул бөлегин биогумус ушын ажыратқан. Оннан басқа таўықшылық, қойшылық ҳәм бағманшылығы да бар.
– Ерте бәҳәрде теплицамыз жумысы көбейеди. Помидор, қыярға талап артады. Шаңарақ ағзаларымыз бенен бәнт боламыз. Өмирлик жолдасым Мансур жәрдем береди. Таза ҳалында шақасынан үзип алып жегенге не жетсин? Қоңсыларымыз алады, аўысқанын базарға шығарамыз. Соң нәл жетистириўге кирисемиз. Адамлар өз қыйтақ жерлерине егиўге алады. Мийнетинен қашпасаң, бәриниң дәраматы жақсы болады. Биогумусымыз да бар. Буның менен айланысып атырғанымызға да үш-төрт жыл болды. Бул өнимге де қарыйдар көп. Өмирлик жолдасым Мансур Утемуратов бәрқулла қоллап-қуўатлайды, – дейди Элмира Шарапова.
Элмира соның менен бирге қолы гүл шебер. Түрли, миллий нағыслы қурақ көрпешелер тигиўге де қызығады.
– Жас болса да, мийнети менен танылып атырған заманласларымыздың ислери мақтаўға ылайық. Жумыс жоқ, айлық жоқ деген, кери түсиниклерден усындай ҳаял-қызларымыз арқалы қутылыўға, өзлерине жуўмақ шығарыўға да көп пайдасы бар. Жақында Э.Шарапова өзин-өзи бәнт етиў бойынша соңғы үлгидеги тигиў машинасы менен де тәмийинленди. Қурақ қураў өнерин де ен жайдырыўға өз үлесин қосыўды нийет еткен. Оны қоллап-қуўатлаймыз, әлбетте, – дейди Нөкис қаласы, 23-санлы МПЖ ҳаял-қызлар мәсләҳәтшиси Малика Турдымуратова.
Оның биз бенен арқайын сәўбетлесиўге де ўақты аз болды. Өйткени, оны қыяр жыйнаў, оны көлеми, сапасы бойынша өз алдына тақлаў иси күтип тур екен. Қысқа банка басып таярлаўға талап күшли-екенин түсинемиз. Оның менен сөзимизди жуўмақлап хошласар екенбиз, атызындағы алма, әнжир, жүзим, қәрели ҳәм басқа да мийўе нәллери де кишкене қыйтақ жерден орын алғаны дыққатымызды артты.
Қыйтақ жеринен мол дәрамат дерегин табыў менен бирге, халықтың алғысына да бөленип атырған жаслардың бири Э.Шараповаға мийнетиниң рәҳәтине бөлене бергейсиз, деймиз.
Ж.Ембергенова.
