Кабаре жанрындағы жаңа спектакль

Хабарыңыз бар, усы жылдың март айында «Time innovation art» ЖШЖ тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы тарийхындағы ең дәслепки жеке-меншик театр – «Муза»ға тийкар салынған еди. 7-8-август күнлери театр жәмәәти өз репертуарындағы екинши спектакльди халқымыздың нәзерине усынды.

Бул спектакльдиң басқаларынан айырмашылығы сонда, ол адамлардың кеўил-кеширмелери, басынан өткерген ўақыялары, дәртлери ҳәм ишки сезимлери, яғный, театрға жоллаған хатлары тийкарында сахналастырылған.

«Муҳаббат бәндиргиси» аты менен аталған спектакль дерлик бәрше тамашагөйлер ерксиз көзине жас алыўына себепши болды. Себеби, онда хат ийелериниң сүйгенине қосыла алмаўы, балалығында алған аўыр жарақатлары, тәғдирдиң аўыр сынағына бола үмитсизлениўи, сондай-ақ, өмирлик жолдасының қыянетке қол урыўы сыяқлы дәртли ўақыялары шеберлик пенен атқарылған.

«Бул спектакль келешегинен үмит күттиретуғын талантлы жас режиссёр Султанбек Қәллибеков тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында еле қол урылмаған кабаре жанры арқалы сахналастырылды. Кабаре – музыка, қосық, аяқ ойын ҳәм драманы өз ишине алады.

– Мағлыўмат орнында айтып кететуғын болсам, биринши мәўсимде А.Володинниң «Қыймайман» спектаклин халқымызға инәм еткен едик ҳәм ондағы сеанслар саны ойлағанымыздан да көп болды. Ҳәттеки, районларға шығып, гастроль сапарларын әмелге асырдық. Бул арқалы биз 5 мыңнан аслам тамашагөйди қамтып алдық ҳәм сол 5 мың тамашагөйге шаңарағын асырап-абайлаўы ушын ой салыўға миясар болдық», – дейди «Муза» театрының директоры Әдилбек Сейтов.

Биз де өз гезегинде театр жәмәәтин және бир табыслы спектакль менен қызғын қутлықлаймыз ҳәм алдағы жумысларында табыслар тилеймиз.

Бекберген Әдилбаев, хабаршымыз.