Балалығымды қайтарып бер

Ҳәзирги күндеги көпшилик жас балалар балалығын телефонға яки социаллық тармақлардан бири Tik-tokқа алмасқан десек қәтелеспеген боламыз. Кимди көрсең тик-тоққа видео түсирип жүргени.

Дурыс, бул бир тәрептен жақсы бирақ, көпшилик ўақтын тик-токта ямаса инстаграмда өткерип атыр. Кишкене 4-5 жасар балалардың видео алып жүргенин көрипте атырған болыўыңыз мүмкин, өзим көрип балалықтың шийрин мәўритлерине ашынғанымды айтпақшыман.

Себеби, булар миллий ойынларымыз шүллик, ақ терекпе, көк терек, бес тас сыяқлы ойынларымызды билмейтуғын да шығар дейсең. Бизлерди бурынлары ата-аналарымыз азаннан кешке шекем үйге киргизе алмайтуғын еди. Ал, ҳәзир телефонды алып, видео көриў, видео түсириў менен балалықтың шийрин демлерин урлатып атыр.

Қәне енди, имканиятлардан дурыс пайдаланып, билим алыў, IT тараўын үйрениўге өзлерин умтылдырса екен дейсең. Себеби, биз үлкенлерден көп еситемиз усындай имканиятлар бизлердиң заманымызда болғанда еди, бираз шоққыларға ерисерме едик – деп көп әрманлайды.

Биз усындай ата-аналарымыз арзыў еткен имканиятлардан орынлы пайдаланайық ҳәм қайталанбас мәўритлеримизди бийпәрўа өткермейик.

Хабибулла ИБАДУЛЛАЕВ, Өз хабаршымыз.