«Нелерди көрмеген бабаңман» дегендей биз де бир емес, еки әсир менен дийдарласып, еки түрли сиясаттың гүўасы болған қарыялардың биримиз. Бурынғы аўқамда газета-журнал, баспа өнимлерине шекем цензураның қадағалаўында болып, еркин пикир айтыўға ҳуқық берилмеди.
Ал, мектепте ана тилимизде саўат ашқан болсақ та санамыз сол дәўирдеги сиясат пенен тәрбияланды, қала берди балалығымыз ҳәм студентлик жылларымыз жаслығымыз пахта атызларында өтти десек те болады.
Қудайға шүкир, 1991-жылы туўысқан өзбек ҳәм қарақалпақ халықлары ғәрезсизликке ерисип, асығымыз алшы турды. Бийлигимиз өзимизге өтти. Конституциямызға ийе болдық. Өз ана тилимиз, динимиз, дәстүрлеримизге қайттық.
Дүньядағы барлық еллер менен өз қәлегенимизше қарым-қатнастамыз. Бул байланыслар айрықша президентимиз Ш.Мирзиёевтиң дәўиринде жоқары шыңға көтерилди. Раўажланған еллердиң тәжирийбесинен үлги алып, мәмлекетти экономикалық жақтан қүдиретли елге айландырыў, халқымыздың турмысын буннан былай да жақсылаў бойынша көплеген пәрман ҳәм қарарлар шығарылып избе-излик пенен әмелге асырылмақта.
Әсиресе, келешегимиз болған жас әўладқа айрықша ғамхорлық көрсе тилмекте. Бир ўақытлары бизлер әрман еткен еллерге барып билим алып атырған перзентлеримиздиң келешегиниң айдынлығына қуўанамыз.
Жақында Ш.Мирзиёев президентимиз Қарақалпақстан да болып, мәмлекетимиздиң исбилерменлери менен ашық сөйлесиў түриндеги өткерилген ушырасыўын да шығып сөйлеп, елимиздиң экономикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелге асырылыўы тийис болған режелерге тоқтады.
Демек, жаңа дәўирге барар жолдамыз. Жаслардың келешегинен үлкен үмитлер күтип, қариялық гәштин сүрип атырмыз. Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы менен қутлықлайман.
Көбейсин ЕРНАЗАРОВ, жазыўшы, журналист.
