«Бес жап»та жумыс қызғын

“Ақ алтын” деп тәрип  алған пахтамыз ашылып, терим мапазы басланды. Сонлықтан дийқан-фермер хожалықлары бүгин теримшилер менен толы. Күнине 100-120 килограммнан пахта теретуғын шаққан теримшилердиң әжайып мийнетлерине қайыл қалмаўдың илажы жоқ. Олардың қаналап жыйнаған пахтасы елимиздиң үлкен бәлент қырманын жаратады.

Қараөзек районының Қуралпа елаты әзелден пахтакеш дийқанлар мәканы. Пахташылық тараўынан танылған  ел азаматлары барлық аўылласларының мақтанышы. Аўылда аталарының жолларын даўам етип атырған жас дийқан-фермерлер көпшиликти қурайды. Балалалығынан өзлери ойнап-өскен аўылының ҳәр бир қарыс жерин  бес бармақтай жақсы биледи. Соңғы ўақытлары жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылып атырған ис-­илажлар тийкарында аўыл жасларына тийисли тәртипте жерлер де берилмекте.

Қабыл Абдуллаев та жерге меҳир берип өсти. Оқыў орнын тамамлағаннан соң, мийнет жолын фермер-дийқаншылықтан баслады.

– Егислик жерлерим аўылдағы “Бес жап” каналынан үш километр узақлықта жайласқан. Қумшаўытлы атызларға өз алдына төгин берсек, қатты, соға жерлер бөлек төгин талап етеди. “Жердиң тилин билиў” деген сол ғой. Үш тракторымыз бар. Пахтамыз өткен жылы да жақсы болды. Быйыл да мине, пахта теримди басладық. Жаўын-шашынға қалдырмай, жоқары сапада жыйнап-терип алыўға ҳәрекет етип атырмыз. Теримшилерге да барлық қолайлықлар жаратылған. Түслик аўқат, ис ҳақылары өз ўақтында берилип, төленип атыр,–дейди “Пазылбек–Қабылбек” фермер хожалығы баслығы Қ.Абдуллаев.

Жас фермер аўыл жасларын мәўсимлик ҳәм турақлы жумыс пенен тәмийинлеп атыр. Ол биогумус төгин түрин жетистириў менен де шуғылланады. Сондай-ақ, қаўын ҳәм басқа да егин түрлерин егип, халқымыз ­дастурханының молшылығына өз үлесин қосып атыр.

Аўылдағы төрт жастың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде ҳәр бирине бир гектардан жер берилип, оларға да дийқаншылық пенен шуғылланыўына жақыннан жәрдем берип атыр.  Соның менен бирге, темир дәптерге киритилген шаңарақлардың үй қапталы қыйтақ жерлеринен үнемли пайдаланыўы ушын субсидия тийкарында жер асты баспа кранын қурып, қый­тақ жерлеринен қолда бар имканиятлардан утымлы пайдаланып, дийқаншылық пенен шуғылланыўына өз жәрдемин берип, көпшиликтиң алғысына бөленбекте.

Өз келешегин дийқаншылық пенен байланыстыр­ған Қабыл Абдуллаевтың алдағы режелери оғада көп. Фермер хожалығын еле де кеңейтип, ўатанымыз абаданшылығына ылайықлы үлес қосып барыўды баслы парызы деп биледи.

Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА, Қараөзек районы.