Қарақалпақстан Республикасы аймағында термит зыянкеслери жүдә көп тарқалған болып, олар топырақ пенен байланыслы ҳәр қыйлы экологиялық орталықларда топар дүзип тиришилик етеди. Ҳәзирги күнде илимде олардың 2800 ден артық түри белгили. Солардан 120 түри зыянлы сыпатында есапқа алынған. Өзбекстанда Hodotermitidae (ходотермитиде) семействасының, Anacanthotermes (анаконтотермес) әўладына тийисли термитлердиң 2 түри, булар A.Ahngerianus Jacobs (Каспий арты) (анаконтотермес ангерианус якобс) ҳәм A.turcestanicus Jacobs (Түркистан) (анаконтотермес туркестаникус якобс) түрлери тарқалған. Бул еки түрдеги термитлер кең тарқалған болып, қурылыс объектлерине айтарлықтай зыян келтирмекте.
Ақырғы жыллары Қарақалпақстан Республикасының барлық тәбийғый аймақларында (Үстирт тегислиги, Қызылқум қумлығы, Әмиўдәрья дельтасында) термит зыянкеслери тарқалып атырған майданлардың артып барыўы ҳәм соған байланыслы халық хожалығына келтирип атырған зыянының асыўы, жүз бермекте.
Буның баслы себеби Қарақалпақстанда жүз берип атырған қурғақшылық майданының кеңейиўи, топырақтың шорланыўы, суў сақлағышлар ҳәм тоғайлардың қурып қалыўы сыяқлы жағдайлар болып есапланады. Соның менен бирге кейинги жылларда инсан искерлигиниң тәбиятқа болған кери тәсири себепли, яғный шөлистанлардың кең көлемде өзлестирилиўи ақыбетинде термитлердиң жасаў тәризиде өзгерди.
Термитлер тәрепинен жеткизилип атырған зыянның артып барыўына термитлер жасайтуғын тәбийғый ордалары бар жерлердиң өзлестирилип, орнына турар жайлар ҳәм басқа да қурылыслар салынып, халықтың бул зыянкес ҳаққында толық мағлыўматқа ийе емес екенлиги себепли термитлер келтиретуғын зыянның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүрес шаралары әмелге асырылмағанлығы, жайларды қурыўда термитлерге қарсы профилактикалық илажлардың өткерилмегенлиги болып табылады.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласы ҳәм Әмиўдәрья, Беруний, Қараөзек, Мойнақ, Нөкис, Хожели Тақыятас, Тахтакөпир, Төрткүл ҳәмде Елликқала районларында 3216 турақ жайлар, 10 экономика объектлери, 14 жерде қәбиристанлар термитлерден зыянланған.
Қарақалпақстан Республикасында термит зыянкеслерине қарсы:
– адамлар жасап атырған үй-жайларда, объектлерде, кархана ҳәм мекемелерде ҳәмде тарийхый-мәдений қурылысларда термитлерге қарсы гүресиў ҳәм профилактика илажларын – дезинфекция станциялары (Республикамызда дезинфекция станциялары Нөкис қаласында, Тақыятаста, Қоңырат, Әмиўдәрья ҳәм Елликқала районларында бар),
– тәбиятта тарқалған аймақларда (даланлықта, қәбиристанларда, шөл зоналарда ҳәм басқа ашықлық жерлерде) термитлерге қарсы гүресиў ҳәм профилактика илажларын – өсимликлерди қорғаў орайлары алып барыўы белгиленген (барлық қала ҳәм районларда өсимликлерди қорғаў бөлимлери бар).
Республика дезинфекция станциясы ҳәм өсимликлерди қорғаў орайларының термитлерге қарсы қолланылатуғын приманкалар, шәртнама тийкарында Ташкент қаласындағы «Республика термитлерге қарсы гүресиў орайы» мәмлекетлик шуъба карханасы тәрепинен, буйыртпа бойынша жеткерип бериледи.
Сондай-ақ Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитетине дүнья әмелиятында тән алынған термитлерге қарсы шыдамлы имаратларды қурыў тәжирийбесин үйренип, белгиленген тәртипте қурылыста пайдаланыўды жәриялаўға көрсетпе берилген.
З.Ваисов,
Нөкис қалалық Айрықша жағдайлар бөлими қәнийгеси аға сержант.
