Жер участкалары жойбарлары реализациясы

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳəм ўәлаятлар ҳəкимликлери тəрепинен коммерция банклери жəрдеминде район ҳəм қалаларда заманагөй хызмет көрсетиў комплекслерин ҳəм сервис объектлерин, атап айтқанда жайластырыў қураллары, турар жайлар ҳəм саўда-кеӯилашар орайларын жайластырыўды нəзерде тутатуғын мастер-реже жойбарлары таярланды.

Олар 2024-жыл, 1-августқа шекем аймақлық архитектура ҳəм қаласазлық кеңеслери менен келисип, тастыйықланыӯы белгиленди.

2024-жыл, 1-августтан əмелдеги жыл жуўмағына шекем Қурылыс ҳəм турақ-жай коммунал хожалығы министрлиги ҳəм де Кадастр агентлиги менен биргеликте усы аймақлардағы жер участкалары мастер-режелерге муўапық аукцион (e-auksion.uz) саўдаларына қойылады.

Район ҳəм қалалар бойынша ислеп шығылатуғын мастер-режелердиң тийкарғы бағдарлары:

  • Қала ҳəм район орайларында урбанизация процесслерин жеделлестириў, атап айтқанда халық мүтәжликлеринен келип шығып, көп қабатлы ҳəм жеке тəртиптеги турақ-жайлар комплекслерин шөлкемлестириў;
  • Халық тығыз жайласқан қала аймақларынан ағып өтетуғын суў бойларын абаданластырыў, пиядалар ҳəм велосипед коридорларын қурыў, олардың əтирапында жеңил конструкциялы көшпели саўда ҳəм хызмет көрсетиў шақапшаларын шөлкемлестириӯ;
  • Аймақларда халық, саяхатшылар ҳəм исбилерменлик субъектлери ушын қолай шараятлар жаратыў, сондай-ақ “жасыл” аймақларды көбейтиў, заманагөй хызмет көрсетиў ҳəм сервис объектлерин қурыў;
  • Бос турған жер участкаларынан нəтийжели пайдаланыў, сондай-ақ экономикалық нəтийжеси жоқары искерлик түрлерин раўажландырыў, соның менен бирге бос турған жер участкаларын таяр лотларга ажыратып, электрон онлайн-аукционларда реализация қылыў;
  • Аймақлардың инфрадүзилмеге болған мүтәжлигин баҳалаў, соның менен бирге зəрүр сыртқы инженерлик-коммуникация инфрадүзилмеси объектлери параметрлерин анықлаў.

Сондай-ақ, мастер-режелерди ислеп шығыў, тастыйықлаў ҳəм əмелге асырыўды шөлкемлестириў ҳəм муўапықластырыў бойынша вертикал система шөлкемлестириледи. Бүгинги күнде Қарақалпақстан Рес­публикасы бойынша 11 дана мастер-реже тийкарында жер участкалары аукцион саӯдаларына шығарылған.

Р.ЕСИМБЕТОВ,

«Электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў» АЖ Қарақалпақстан Респуб­ликасы аймақлық ўәкили.