Шаңарақ – Ўатан ишиндеги кишкене Ўатан. Биз балалығымыздан бул сөзди тап усылай түсинип келгенбиз. Ҳақыйқатында да, ўатанды сүйиў ең алды менен шаңарақ босағасынан басланады. Бул муқәддес дәргайда жәмийетте орнымызды табыў, адамларға жақсы мүнәсибетте болыў, жасы үлкенди ҳүрмет етип, жасы кишини сыйлаў сыяқлы тәрбиялық әҳмийетке ийе түсиниклер қәлиплестириледи. Әлбетте, буны дурыс жолға қойыўда ата-ананың орны гиреўли. Себеби, өсип киятырған баланы нәл деп қарайтуғын болсақ, оған өз ўақтында итибар берилмесе келешекте дәртке аспайтуғын, саясыз теректей болып жетиледи. Бизиң нәзеримизде, ҳәзирги ўақытта жаман жолға кирип қалған, ишиўшиликке берилген ямаса өз шаңарағының берекетин қашырып, ҳаялына, перзентлерине зорлық ислететуғынлардың баслы себеби балалығындағы дурыс алып барылмаған тәрбия менен байланыслы. Буны Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов бир ғана төртлиги менен жеткерип бере алған:
Дүзиў ағаш ел мәпине керекли,
Шаўып алып, жайға басар сонлықтан.
Журт айналып өтер қыйсық теректи,
Кыйсық ағаш узақ жасар сонлықтан.
Әйне усындай кеўилсиз жағдайларды болдырмаў, жәмийетшиликтиң бул машқалаға мүнәсибетин өзгертиў, яғный, ҳаялларға байланыслы жынысый зорлық, жынысый күш ислетиў түрлери ҳаққында ҒХҚ арқалы керекли мағлыўматларды бериў мақсетинде жақында Нөкис қаласындағы пайызлы орынлардың биринде Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлими тәрепинен Европа Аўқамының Өзбекстандағы ўәкиллигиниң қаржыландырыўы ҳәм «NIHOL» және «Equality Now» орайларының қоллап-қуўатлаўы тийкарында «Шаӊарақтағы зорлық – ғалаба хабар қураллары нәзеринде» атлы форум шөлкемлестирилди.
Илажда Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлими директоры, жойбар басшысы Гүлсара Жоллыбекова презентация ислеп, жойбар тийкарында әмелге асырылған жумыслар бойынша толық мағлыўматлар берип өтти.
– Бул жумыслар әлбетте даўам етеди, даўам етиўи де керек. Себеби, усы жойбар жуўмақланғаны менен жаңа жойбарды әмелге асырыў ушын және грант утып алыўға еристик. Ол 9 ай даўам етеди ҳәм онда агрессорлар ҳәм суицидке бейимлиги болған адамлар менен жумыс алып барамыз. Яғный, олардың минез-қулқын өзгертиўге байланыслы бағдарлама ислеп шығамыз, – дейди Гүлсара Жоллыбекова.
Сондай-ақ, форумда Қарақалпақстан Республикасы басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында шаңарақлық зорлық түрлерин азайтыу ҳәм оның алдын алыў бойынша пикир алысыўлар болып өтти.
Буннан тысқары, жойбар шеңберинде гендер сиясаты ҳәм оның ҳуқықый тийкарлары ҳаққында халықтың хабардарлығын арттырыў, ҳаял-қызларға қаратылған зорлық, шаңарақтағы зорлық жағдайларының алдын алыўға бағдарланған ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда жәрияланған материаллар бойынша таңлаў жәрияланған еди.
Таңлаў жуўмағына бола, «Ең жақсы телекөрсетиў» номинациясы бойынша Үмит Әбдижамилова, «Ең жақсы радиоеситтириў» номинациясы бойынша Гүләрем Жумағалиева, «Ең жақсы баспа материалы» номинациясы бойынша Азамат Пирниязов, «Ең жақсы интернет материалы» номинациясы бойынша Гүлнара Турдышова, «Ең жақсы видеоролик» номинациясы бойынша Мийирбек Юсупов жеңимпаз деп табылды.
Форум жуўмағында жеңимпазлар ҳәм таңлаўда белсене қатнасыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, алғыснама ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Илаж қарақалпақ эстрадасы ўәкиллери қатнасыўындағы кеўилге жағымлы қосықлар менен даўам етти.
Бекберген ӘДИЛБАЕВ, өз хабаршымыз.
