Мәкемемизге жоқарыдан көрсетпе келди. Ис орынларын он процентке қысқартыў керек екен.
Баслық биринши болып мени шақырды.
– Бердимурат аға, жоқарыдан берилип атырған тапсырмадан хабарыңыз бар шығар. Сөзимди жерде қалдырмас деп сизден өтиниш етежақпан. Өзиң билесең, жасларды мезгилли-мезгилсиз жумсап турамыз. Оларды қысқартсақ қол-аяғымыз кесилип қалғандай болады.
Сизиң дем алысқа шығыўыңызға еки жыл қалып тур екен. Жергиликли комитеттиң қарары менен сизиң мийнеттеги зәбердеслигиңизди, жас қәнийгелерди тәрбиялаўға қосқан айрықша үлесиңизди ҳәм ден саўлығыңызды есапқа алып еки жыл бурын дем алысқа жиберсек…
– Ден саўлығымның ҳештеңеси жоқ ғой, – дедим мен гәпти бөлип.
– Билемен, сиз еле меннен қарыўлысыз. Бирақ, рәсмийлик ушын, солай жазылмаса болмайды.
– Сонда мен жумыстан босайман ба?
– Босамайсыз, ҳүрметли дем алысқа гүзетип қоямыз.
– Бәрибир гәп қой. Жумысты қойған соң үйде кемпирдей отырып қаламан дә!
– Неге отырып қаласыз?! Қудаға шүкир, пияда емессиз, астыңызда машинаңыз бар. Жеңгейди қасыңызға мингизип алып қыдырың. Ағайин-туўғанға барың, дос-яранларыңызды көриң. Мен сизди көптен бери сыртыңыздан бақлап жүрмен, жумысты бир мезгил қалдырып кетиўге көзиңиз қыймай мерекелерден де қалып жүрсиз.
– Ояғы туўры иним.
– Әнекей. Дем алысқа шыққан соң қалып қойған шақырықларға кирип шығың. Мен сизге кейинги есап-китапқа қоса бир айлық материаллық жәрдем де шығарып берейин. Не дедиңиз? Қалайда жасы үлкенлик гәпиңизди айтатуғын шығарсыз?
Баслық көпшикти бәленттен қойды. Райын жыға алмадым.
– Мәйли, өзлериң билиң, -дедим.
Ол сол ўақыттың өзинде қәнийгелер бөлиминиң баслығын шақырып:
– Бердимурат ағаның ҳүрметли дем алысқа шығыўы ушын ҳәмме ҳүжжетлерин таярлаң. Бул жасы үлкенди анда-мында ҳәлеклемең. Қол қоятуғын қағазлары болса собестиң хызметкерлери өзлери журналларын усы жерге әкелип қойдырсын! –деп тәртип берди.
Баслықтың тапсырмасы бизде өзи хат пенен қәлем. Өкшемди қыймылдатпай үш күнниң ишинде собестиң баллары кеңседе салтанат пенен пенсия дәптершесин тапсырды.
– Бизге керек адам едиңиз, илаж не, ертең бир күн биз де сизиң жолыңыздан жүремиз, – деп баслық қамсығыңқырап турып ийниме шапан жапты.
Кассир ең соңғы айлығым менен материаллық жәрдем пулын конвертке салып нақлай тапсырды. Бурынлары пластикке яки дүканға өткерип беретуғын еди.
Солай етип кемпирдиң қасынан орын алдық. Бурынлары мен оны “кемпир” демей “анасы” дейтуғын едим, ол да мени “ғарры” демейтуғын еди. Енди екеўмиздиң де бир-биримизге мүрәжәтимиз өзгерди. Мен “кемпир” деймен, ол “ғарры” дейди. Ҳәр сапар “ғарры” деген сөзди еситкен сайын шала ағарған шашым менен сақалым қойыўласыңқырап атырғандай болады.
– Кемпир, – дедим бир күни азанғы шайдың ўақтында. – Баслық маған дем алысқа шығып атырғанда “үйде отырып қалма, былай-былай ағайин-туўғанға қыдыр” деп еди. Еки ай болды, былай-былай шықпадық ғо!
– Шығайық, – деди ол шырп етип. – Шымбайдағы қәйинбийке апамның үйине барайық, ҳәм жасы үлкениң, ҳәм жалғыз қыз туўысқаның. Төбеңди көрсе қуўанып қалады.
Ертеңине жыйынлық кийимлерди кийип жолға раўана болдық. Кемпир баслықлар қусап артқы орынлыққа отырып алды.
“Төбеңди көрсе қуўанады” деп кемпир дурыс айтқан екен.
– Ҳаў, Бердишжанбысаң, айнанайын-айнанайын, – деп қушақлап, еки бетимнен алма-гезек сүйип атыр қыз апам. Бетлерим пышық жалағандай болып қалды.
Кемпир менен болса оң жағы менен бир қушақласты, шеп жағы менен бир. Келинлериниң зеребесин үйирип, үш қабатлап көрпеше төсетти. Тап көпшикке отырғандай болдық.
Бир түйетаўық писемен дегенше балалықтан баслап тап бүгинги күнге дейин айтылмаған гәп қалмады.
– Өзимиздиң ақ жүўериниң уны! – деп апам жүўери гүртикти бир басылып мақтады.
Қайтарда және бос жиберген жоқ. Маған шапан жапты, кемпирге бир көйлеклик ҳасыл таўар. Жасы сексенге шамаласса да қыз апамыз қуўнақ еди. Машынға дейин шығарып салып, есиклеримизди өзи жапты.
Үйге келемен дегенше кемпир оны жерге-жәмге тийгизбей мақтап келди.
Арадан үш күн өтти.
– Қараөзектеги қайнағаның үйине барайық, – деди кемпир. – Шымбайға барып кеткенимизди еситсе өкпелейди ғо. Әсиресе, шешем ғыр-изимнен қалмас.
Келеси ҳәпте Қараөзекке ағайдың үйине бардық. Олар да қуўана-қуўана қарсы алды. Балалары топарлы таўықты кетекке қамап, ишинен тепкиши қатып кеткен бир ата қоразды сойып, бийдай гүртик салып жегизди.
Қайтарда булар да бос жиберген жоқ. Кемпирдиң еки езиўи қулағында.
– Баяғыдан бери-ақ дем алысқа шығыўың керек екен. Ҳүкиметтиң сенде ҳақысы қалды ма?
Бир қыдырып үйренсең үйде турғың келмейди екен. Кемпир баслайды, мен хошлайман. Екеўимиз жудырықтай түйиншикти базарлық етемиз де, машынға отырамыз.
Қараөзектен келгеннен кейин еки ҳәпте зорға шыдадық. Нәўбеттеги гезек инимдикине.
– Әжаға, күни кеше Бозатаўдан бир жылқыман кеңсеге әкелип қырық кило қазы сатып кетти. Соннан бес килосын мен алып едим. Биринши мәрте сизлер менен дәм татысайық, – деди.
– Мақул, – дедим.
Кемпир жыйрылыңқырап терис қарады.
Билдим. Және оның таўық жегиси келип отыр.
Қайтарда иним менен келин машынға мингизип салды. Кемпирдиң базарлық апарған түйиншигин өзиникиндей қылып ғана түйип берипти.
– “Еркекти ер қылатуғын да, қара жер менен тең қылатуғын да қатын”, -деди кемпир орнымыздан қозғалар-қозғалмастан. – Мен бир күнде есигин тепсеп атырған жоқпан, еки метр шүберектен туўдың ба, албаслы сениң!
Ҳәмме айып менде болып турғандай, үндемедим.
– Бийкештен хабар алайық, – деди кемпир бир ҳәпте зорға шыдап.
“Тақыр көл”деги қарындастикине бардық. Олардың күн-көриси де еплемей, бүгин ишсе ертеңи уўайым болатуғын ҳалы бар еди. Ерик салған шәўле писирип берди.
– Изи сыптырыңқы болды, – деди кемпир машынға минер-минбестен. – Өзиңде болмаса қоңсыңнан қарыз ал, өлмесең төлейсең ғо!
Өзи туўысқаным сол төртеўи еди. Еки айдың ишинде барып таўыстық.
Қонақ та күтимге қарайды. Қызапамның иши-баўрымызға кирип айтқан сөзлери, ҳәр аяғы қойдың жилигиндей түйетаўығы есимизден шықпады. Және бир таўығын жегимиз келди.
Тәўекел бир күни “Шымбай қайдасаң?” деп тарттық.
Есиктен кирип барыўымыз сол екен, апайдың түри бузылыңқырап кетти. Бурын ол бетимнен, бул бетимнен сүйетуғын еди, бул рет отырған жеринде қолын сөзды да қойды. Кемпир баяғыдай оң жағынан бир, шеп жағынан бир қушақласып көриспекши еди, апам күннен бурын қол ушын берди:
– Ата-бабаның аўқаты, алып отырың. Балалығымызда апам писиргенде қандай мазалы еди я, Бердимуратжан, -деп ҳәр түрли қатты нанлар туўралған нан сорпаны мақтанды.
Келгенше кемпирдиң қабағы ашылған жоқ. Бир-еки күннен кейин Қараөзектеги ағайға қоңыраў еттим.
– Ертең үйде боласыз ба? –дегеним сол кийлигип қоя берди.
– Ҳә, бала, сен бүйтип қаңғырғанды қой. Цыган емессең! Қараўыллық болса да бир жерге өтип ал, жасыңның ушына шығып отырған жоқсаң! – деп телефонды өширип таслады.
Бул гәп маңлайыма урғандай болды. Таңның атыўына зорға шыдадым.
– Ал, иним, маған қараўылшылық болса да бир жумыс бермесең болмайды. Ағайин-туўғанның бәрине қыдырып болдық, – дедим өзимиздиң мәкемениң баслығына барып.
– Ҳаў, Бердимурат аға, бизде қараўыллықты мәмлекет өз жуўапкершилигине алған. Билесең ғо, үш милиционер гезек пенен қорықлайды.
– Онда не мәсләҳәт бересең. Жаңа алты ай өтти, үйге сыймай атырман.
– Бизнес пенен айланыс, – деди баслық ҳә дегеннен.
– Бизнес пенен? Қартайған шағымда я? Журт күлмейме?
– Үйде келин бар ма?
– Бар.
– Әне, соның атына жеке исбилерменлик аш.
– Ҳаў, ол жумыста ғо.
– Ол жүреберсин. Келин кеште үйде ислейтуғын бир нәрсе ойлап тапсын. Оны жүритиўди сиз қолға аласыз.
Кеште ойласық қурдық.
– Мен торт таярлайын, ата, – деди ол. – Сиз сатыў менен шуғылланың!
– Қартайғанда базарда торт көтерип жүремен бе?
– Жүрмейсиз. Өзлери үйден келип алып кетеди. Ҳәзирги сатарманлардың торты бир қабат крем, бир қабат бесквит нан. Жегиң келмейди.
“Түйе қартайса көшегине ереди” деген. Ердим. Кешикпей жеке исбилерменлик ашты. Үш-төрт күнниң ишинде он-он бес қуты торт таяр болды. Қутысы шырайлы. Торттың үстинде реңли жазыўлар. Туўылған күниңиз бенен! Юбилей мүбәрек! Балажан! ҳәм тағы басқа.
Бир күни түстиң алдында есиктиң қоңыраўы басылды. Шықтым. Дәрўазаға тақалып бир “Жип” тур.
– Шәрийпаның үйи ме? – деди гилтин қолына таўлап турған бир жигит.
– Яқ. Бердимураттың үйи, – дедим мен.
Ол телефонына үңилди.
– Мында жазыўлы ғо, “Қызыл қала” көшеси, 57-үй. Шәрийпаның үйи.
– Шәрийпа бизиң келинниң аты ғо. Не мәселе еди?
– Торт алмақшыман.
– Ҳе, соны айтпайсаң ба? Қандай торт?
– “Туўылған күниң менен” деген.
Әкелип бердим. Телефонда баҳасы жазылған қусайды. Меннен “неше сом?” деп сорамастан келин айтқан пулды шығарып берди.
Түсте шайды жаңа алдымызға алып едик, және қоңыраў шыңғырлады.
– Ғарры, бар. Меннен көре жеңилирексең ғо, – деди кемпир.
– Ата, Шәрийпаның үйи ме? – деди бир жас қыз.
– Яқ, – деп барып дәрҳәл ядыма түсти. – Аўа, аўа, Шәрийпаның үйи.
– Торт керек еди.
Усылайынша кешке дейин жети мәрте есикти аштым. Ҳәмменики бир саўал:
– Шәрийпаның үйи ме?
– Аўа.
– Маған мынадай торт керек еди.
Ҳәзир мине бир жылдан өтип баратыр. Үйден былай-былай шыққаным жоқ. Шықсам есикти ким ашады? Кемпир келинниң торт писиргенин жақсы көрмейди.
Ўақыттың өтиўи менен мениң Бердимурат атым да умытыла баслады. Ҳәр ўақ – ҳәр ўақ еситип қаламан:
– Сениң үйиң Шәрийпаның көшесиниң қаяғында?
– Тап соннан кейинги көше?
– Бизиң үй ме? Соқыр адам таўып алады. Шарийпаның дийўалына дийўалымыз тийип тур.
Бир күни маршрутлы таксидиң трафаретин де көрип қалдым: – Шәрийпаның көшеси менен жүреди: деп жазып қойған екен.
Қулласы, торт керек болса “Шәрийпаның үйи қайсы?” деп келе бериң. Есикти өзим ашаман. Мен-әм Шәрийпаның үйинде тураман.
Муратбай НЫЗАНОВ,
Қарақалпақстан халық жазыўшысы.
