Турақлы раўажланыў ҳəм əмелий шешимлер

Жақында Самарқанд мəмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳəм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында «Ветеринария медицинасы ҳəм шарўашылықтағы əҳмийетли машқалалар ҳəм олардың шешимлери» атамасында ҳалықаралық илимий ҳəм илимий техникалық семинары өткерилди. Филиал директоры, профессор А.Есимбетов семинарды кирис сөзи менен ашып берди. Онлайн ҳəм оффлайн тəризде өткерилген семинарда Ирак, Россия, Беларуссия, Қазақстан ҳəм Қырғызстан сыяқлы мəмлекетлердиң жоқары оқыў орынлары ҳəм илимий-изертлеў институтының алымлары, Өзбекстан Республикасы ветеринария ҳəм шарўашылықты раўажландырыў комитети басшыллары, елимиздеги илимий-изертлеў жумыслары менен шуғылланып атырған профессор-оқытыўшылар ҳəмде жас алымлар қатнасты.

Дерлик 10 ға жақын мəмлекетлерден 30 дан аслам алымларды қамтып алған бул семинар филиалдың ветеринария ҳəм шарўашылық тараўы бойынша жетик кадрлар таярлаўда заманагөй билим ҳəм тараў бойынша илимий-изертлеўлер ушын əҳмийетли орайлардан бири екенлигин дəлийллейди. Бүгинги күнде жəҳəнде жедел раўажланып баратырған ветеринария ҳəм шарўашылық тараўына қызығыўшылығы болған дүняның түрли жерлериндеги изертлеўшилер ҳəм жас алымлар, əмелият­шыларды бирлестириўге қаратылған семинардың тийкарғы мақсети: – мəмлекетимизде шарўашылық ҳəм ветеринария медицинасының əҳмийетли машқалаларын додалаў, бул тараўдағы инновациялық жантасыўларды енгизиў ҳəм бар ушырасатуғын қыйыншылықларды сапластырыўға бағдарланған əмелий шешимлерди усыныс етиў, шарўашылық тараўында алып барылып атырған реформалардың экономикалық жақтан нəтийжелилигин буннан былайда арттырыў жолларын додалаў, ҳайўанлар саламатлығына қəўип туўдыратуғын кеселликлер, азықландырыўдағы қəте-кемшиликлер ҳəм экологиялық машқалаларды анализлеў, тараў бойынша илимий ҳəм инновациялық искерлик пенен шуғылланып атырған изертлеўши алымлар, ветеринария қəнигелери ҳəм фермерлер ортасында нəтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў, тараўда ушырасатуғын машқалаларға унамлы тəрептен шешим излеў.

Илаж даўамында қатнасыўшылар ветеринария тараўындағы жаңа илимий жетискенликлер, шарўашылықтағы жүзеге келип атырған машқалалар ҳəм олардың алдын алыў бойынша жетекши тəжирийбелерди үйренди. Семинарда елимиздиң түрли жерлеринен 100 ден аслам изертлеўши алымлар, профессор-оқытыўшылар өзлериниң əмийетли илимий мақалалары ҳəм тезислери менен қатнасты. Солар қатарында «Ветеринария медицинасы ҳəм фармакологиясы» кафедрасының оқытыўшысы, жас изертлеўши Ж.Режепбаев өзиниң «Бузаўдағы рахит кеселлиги тарийхы, белгилери ҳəм оны емлеў» темасындағы мақаласы менен белсене қатнасты. – Бузаўдағы рахиттиң əҳмийетлилиги сонда, ол шарўашылықта өнимдарлыққа тосқынлық етеди.

Ҳайўанлардың өсиўи əстенлесип, олардың сүйеклери босап, деформацияланады, бул болса оның пайдаланыўға жарамлылығын пəсейтеди – дейди Ж. Режепбаев – сол себепли, бул кеселликтиң алдын алыў ҳəм емлеў ис-илажларына итибар бериў тек ҳайўанлардың саламатлығын ғана емес, бəлким, шарўашылық тараўының турақлылығын тəмийинлеў ушын зəрүр болып табылады. Семинар даўамында жас изертлеўши Ж.Режепбаевқа Ветеринария илимлери бойынша философия докторы (PhD) дипломы тапсырылды. Семинарға онлайн тəризде қатнасқан академик Д.Н.Прянишников атындағы Перм мəмлекетлик аготехнологиялар университетиниң халықаралық байланыслар ҳəм илимий-инновациялық ислери бойынша проректоры, доцент Е.Акманаев бүгинги шөлкемлестирилген семинар филиалдың халықаралық көлемдеги абыройын арртырыў менен бирге, региондағы тараў бойынша тəлим жетискенликлерин көрсетип бериўге ҳəм жəне де раўажландырыўға хызмет қылыўын атап өтти.

– Филиал тəрепинен өткерилген семинар ветеринария ҳəм шарўашылық тараўында жаңа илимий жетискенликлерди енгизиў, əҳмийетли мəселелерди шешиў ҳəм заманагөй технологияларды кең түрде қоллаў ушын имканият жаратады – дейди Семинар қатнасыўшысы Қырғызстан Республикасының Ош мəмлекетлик университетиниң аўыл хожалығы илимлери докторы, профессор А.Абдурасулов – соның менен бирге ветеринария ҳəм шарўашылық тараўында бирге ислесиўди жəне де раўажланыдырыў ҳəм илимий тəжирийбелерди алмасыў ушын үлкен майдан болып хызмет қылады.

Семинарда ветеринария медицинасы тек ғана ҳайўанлар саламатлығын сақлаў менен шекленбейтуғыны, соның менен бирге инсан саламатлығына да тикеллей тəсир көрсететуғын тараў екенлиги, ҳайўанлардан жуғатуғын кеселликлердиң адын алыў да əҳмийетли роль ойнаўы айрықша атап өтилди. Болып өткен халықаралык илимий ҳəм илимий техникалық семинарды мəмлекетимизде аўыл хожалығы ҳəм шарўашылықты жəне раўажландырыўға қаратылған əҳмийетли бир қəдем болып, тараўдың илимий ҳəм əмелий тəреплерин жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет қылады.

Зийўархан Хожамуратова,
филиал баспасөз хаткери.