Кеўилге қонымлы көрсетиўлер

Қарақалпақстан телевидениесиниӊ өз көрсетиўлерин эфирге берип баслағанлығына быйыл саррас алпыс жыл болды. Шынында да, 1964-жылдыӊ 5-ноябрь сәнесинен баслап миллий телеканалымыздыӊ жумыс баслаўы халқымыздыӊ руўхый-мәдений турмысында умытылмас ўақыялардыӊ бири болды. Усы жыллар ишинде телеканалдыӊ дөретиўшилик жәмәәти өзиниӊ түрли мазмундағы, рәӊ-бәреӊ тематикаға қурылған кеўилге қонымлы көрсетиўлери менен тамашагөйлерге руўхый азық бағышлап, ел-халқымызға ҳадал хызмет етип келмекте.

Қарақалпақстан телеканалы ҳаққында сөз еткенде шийрин балалық мәўритлерим есиме түседи. Сол ўақытларда шаӊарақ ағзаларымыз бенен ески үлгидеги ақ-қара реӊде көрсететуғын кишкене телевизор әтирапында жәм болып, көрсетиўлерди қызықсынып тамаша етер едик. Марҳум атам ҳәм кемпир апамныӊ: «Балаларым, өзимиздиӊ «Нөкис»ти қойыӊлар. Ана тилимизде берилген көрсетиўлерден, жаӊлаған қосықлардан қулағымыздыӊ қуршы қанып, жанымыз рәҳәтленеди» деп айтып отырғанлары күни кешегидей ядымда. Солай етип, жақынларымыз бенен бирге Қарақалпақстан телеканалы арқалы эфирге узатылатуғын «Хабар» бағдарламасын, саз-сәўбетли кеўил ашар көрсетиўлерди, театр сахналарынан жазып алынған әжайып спектакльлерди, телевизиялық миниатюралар театры тәрепинен таярланған қызықлы интермедияларды тамашалап барыўды әдетке айландырғанлығымызды толқынланып еслеймен. ϴз нәўбетинде бундай көрсетиўлер мениӊ бала қәлбиме айрықша тәсир етип, дөретиўшиликке деген меҳримниӊ еле де жоқарылаўына түртки болды. Тәжирийбели диктор ҳәм баслаўшылардыӊ жағымлы ҳаўазы, өзин услап тутыўы, көрсетиў мийманлары менен сәўбетлесиўлер алып барыўдағы мәдениятлы қарым-қатнасы, ықласбентлердиӊ дыққатын өзине қарата алыў шеберлиги кеўлимде сүйиспеншилик сезимлерин оятып, күн бойы усы бағдарламалардыӊ тәсиринде жүрип, телекөрсетиўлердиӊ кейинги санларын ынтықлық пенен күтер едим. Демек, дүньяқарасымныӊ кеӊейиўинде, өмир ҳәм тәбият гөззаллықларын дөретиўши нәзери менен көре алыўды үйрениўимде, сөз өнерине, көркем әдебиятқа қызығыўшылығымныӊ артыўында телевидениениӊ тутқан орны салмақлы.

Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы арқалы таярланып атырған көрсетиўлердиӊ саны ҳәм сапасы жылдан жылға жетилисип бармақта. Бүгинги дәўир имканиятлары, техникалардыӊ жаӊаланып, заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлениўи телеканалдыӊ дөретиўшилик жәмәәтиниӊ ҳәм инженер-техник хызметкерлериниӊ жумыс искерлигине сезилерли дәрежеде унамлы тәсир жасады. Алдынлары санаўлы саатлар даўамында ғана көрсетиў ҳәм фильмлер берилетуғын болса, ал ҳәзирги күнде үзликсиз түрде жигирма төрт саат даўамында қызықлы бағдарламалар телетамашагөйлер нәзерине усынылып келинбекте. Әсиресе, «Хабар» редакциясы тәрепинен елимиздиӊ сиясий-жәмийетлик, социаллық-экономикалық ҳәм мәдений турмысында жүз берип атырған еӊ әҳмийетли ўақыя-ҳәдийселерди ел-халқымызға жеткерип бериўде, берилген информацияларды кеӊнен талқылап, журналистлик позициясын, ой-пикирлерин билдириўинде хабаршыларда сиясий саўатлылық дәрежесиниӊ анағурлым дәрежеде артқанлығын бақлаймыз. Ерте таӊнан ўатанласларымызға таӊ сәлемин жоллап, пайызлы шаӊарақлардыӊ мийманы болыўшы «Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўинде де бир қанша өзгерислер, жаӊаша изленислер көзге тасланады. Көрсетиў алып барылатуғын студияныӊ заманагөй үлгидеги декорациялар менен безетилип, тиккелей эфир арқалы берилиўи кеӊ жәмийетшиликте үлкен қызығыўшылық оятты.

Ғалаба хабар қураллары ишинде телевидение тараўы күтә қурамалы. Бир көрсетиўди кеўилдегидей етип таярлаў ушын қаншадан-қанша инсанлардыӊ мийнети сиӊеди. Редактордан баслап режиссёр, сес режиссёри, оператор, шырақ устасы, монтаж устасы ҳәм грим устасына шекем көрсетиўдиӊ жақсы шығыўы ушын ат салысып, «бир жағадан бас шығарып» аўызбиршиликте мийнет етеди. Редактордыӊ сөз таӊлаў шеберлиги, режиссёр ҳәм операторлардыӊ көринис ҳәм кадрларды сулыў етип жеткерип бериў уқыплылығы, өткир нәзери ҳәм фантазиясы, яғный, дөретиўшилердиӊ бир-бири менен нәтийжели ислесиўи көрсетиўдиӊ өмиршеӊлигин тәмийинлейди. Телеканал арқалы эфирге узатылған теле сабақларда, «Зейин» интеллектуал телеойынында дөретиўшилик жәмәәт пенен биргеликте ислесиў арқалы бул тараўдыӊ ҳақыйқатында да машақатлы екенлигин, инсаннан сабыр ҳәм пидайылықты, креатив ҳәм жаӊаша пикирлеўди талап ететуғынлығыныӊ гүўасы болып, телевидение хызметкерлериниӊ жумыс искерлигине тәсийин қалғанман.

Бүгинги күнде «Қарақалпақстан – Ана дияр», «Кешки дийдар», «Айқулақ», «Әмиў ырғақлары», «Әдебий журнал», «Кеўил лирасы», «Тил байлығы – ел байлығы», «Үшинши ренессанс», «Мен басқан излер», «Адамлар арасында» сыяқлы бир қатар көрсетиўлерди тамашагөйлер турақлы түрде сүйип тамашалайтуғынлығын айтып өтиў орынлы.

Сөзимиздиӊ жуўмағында Қарақалпақстан телерадиокомпаниясыныӊ дөретиўшилик жәмәтин, гүллән ел-халқымызды телеканалдыӊ алпыс жыллық мерекеси менен шын жүрегимизден қутлықлап, кеўил төримиздеги еӊ жақсы тилеклерди жоллаймыз. Алдағы ўақытларда да дәўир талабына, заманласларымыздыӊ талғамына жуўап беретуғын мазмунлы көрсетиўлерди таярлай бериўинде телеканалдыӊ  мийнет жәмәәтине сарқылмас йош-илҳам, талмас күш-жигер тилеймиз.  

Бахытлы САРЫБАЕВ,

ϴзбекстан Мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы ассистент оқытыўшысы.