Инсан қәдири ел–журт бахты ушын

Биз жасап атырған үлкеде яғный мәмлекетимизде инсан қәдири жүдә жоқары баҳаланады. Ҳәр бир тараўда жумыс алып барыўшы хызметкерлердиң мәпин қорғаў ушын Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы дүзилип, журтымыз раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған түрли топар хызметкерлерин ҳүрметлеп, сыйлықлаў дәстүрге айланған.

Өзбекстан Энергетика, нефт-газ ҳәм геология хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесиниң “Инсан қәдири ушын, ел-журт бахты ушын!”  сүрени астында кәсиплик  аўқамлары күни байрамына арналған түрли илажлар шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы басшылыққа алынып, орынлаў ушын қабыл етилди. Усыған байланыслы “Hududgaz “Qoraqalpogiston” газ тәмийинаты  филиалы басланғыш кәсиплик аўқамының ис-илажлар жобасы тастыйықланды.

Ҳәрекетлер стратегиясының социаллық тараўын раўажландырыў бағдарында хызметкерлердиң дәраматларын арттырыў, турмыс шараятларын жақсылап, пәраўанлығын асырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кексе әўлад ўәкиллерин, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаўды күшейтиў, хыз­меткерлер, олардың шаңарақ ағзаларының денсаўлықларын дүзеў, жәмийетте саламат турмыс тәризин беккемлеў барысында да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Усы бағдаралама тийкарында жумыс бериўши менен жәмийетлик шәртнаманы дүзиў арқалы кәрханамызда төмендегилерге ерисиледи. Кәрхана есабынан 35 исши хызметкеримизге юбилей сәнелери мүнәсибети менен жәми 120 млн, 463 мың сумлық қымбат баҳалы саўғалар ҳәм хошаметлеў пуллары берилди. Сондай-ақ, кәсиплик аўқам комитети тәрепинен ҳәзирги күнге шекем 17 кексе хызметкеримизге юбилей сәнелери ушын 4 млн. 409 мың сумға азық-аўқат өнимлери алып берилди. Кәрханамызда узақ жыллар хызмет еткен 14 хызметкеримизге дем алысқа шығыўдан алдың бир мәртелик жәми 249 млн. 192 мың сум материаллық жәрдемлер берилиўине ерисиледи. Кәрханамыздың бурынғы хызметкерлери Нөкис қаласы ҳәм Хожели районында жасаўшы майыплығы бар ҳәм өзгелер күтимине мүтәж 6 адамға Рамазан ҳәм Қурбан ҳайт байрамлары мүнәсибети менен 2 млн. 500 мың сумлық азық-аўқатлар үйлерине апарып берилди. Сол ўақыттағы берилген дем алыс күнлеринен өнимли пайдаланыў ушын “Жаңа Өзбекстан бойлап саяхат ет!” сүрени астында филиалымызға қараслы “Әмиўдәрья тумангаз” бөлиминде ислеп атырған 15 хызметкердиң ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын елимиздиң тарийхый қалалары болған Бухара, Самарқанд, Қашқадәрья қалаларына саяхат сапарына алып барылды. Соның менен бирге Қоңыратгаз ҳәм Қанлыкөлгаз бөлимлеринде ислеп атырған 30 хызметкер Хийўа қаласына саяхат етип қайтты.

Биз бундай ис-илажларды  еле де даўам еттире беремиз. Себеби, мақаламыз басында келтиргенимиздей инсан қәдири бизиң елимизде ҳәмме нәрседен үстин турады.

Мухаммадин ИНДИАМИНОВ,

“Hududgaz” “Qoraqalpogiston” ГТФ кәсиплик аўқам комитети жетекши қәнигеси.