Жер участкаларын меншиклестириў

Аӯыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққында 728-санлы Өзбекстан Республикасы Нызамы кабыл етилген.

Усы нызамның 12-статясында Меншиклестирилмейтуғын жер участкалары көрсетип өтилген. Булар:

  • Пайдалы қазылма кәнлери жайласқан жер участкалары;
  • Тәбиятты қорғаў, саламатластырыў, рекреация мақсетлери ҳәм тарийхый-мәдений мақсетлер ушын арналған жерлер қурамына киретуғын жер участкалары;
  • Нызамшылыққа муўапық меншиклестирилмейтуғын мәмлекетлик мүлк обектлери жайласқан жер участкалары;
  • Қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын нызамшылықта шеклеўлер белгиленген аймақлардан пайдаланыў зоналарында жайласқан жер участкалары;
  • Қәўипли затлар менен зыянланған ҳәм биоген зәҳәрлениўге ушыраған жер участкалары;
  • Көп квартиралы турақ жайлар жайласқан, сондай-ақ, көп квартиралы турақ жайларға тутас жер участкалары;
  • Мәмлекетлик жеке шериклик жойбарларын, социаллық шериклик ҳаққындағы келисим ҳәм шәртнамаларды әмелге асырыў ушын берилген, сондай-ақ, юридикалық тәреплерге жәмийетлик мүтәжликлер ушын берилген жер участкалары көрсетип өтилген.

Соның менен бирге, 14-статясында жер участкаларын меншиклестириӯ усылларына:

  • меншиклестириў субъектлери тəрепинен өзине турақлы пайдаланыў (ийелик етиў), ижара ямаса мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы тийкарында тийисли болған жер участкаларын сатып алыў;
  • жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы сатып алыў менен әмелге асырылыӯ белгилеп өтилген.