Исбилерменликти раўажланлырыў — кәмбағаллықты қысқартыў

Соңғы жылларда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықтан шығарыў ҳәм пәраўан турмыс кешириўи ушын шараятлар жаратыў сиясатымыздың баслы бағдарларына айланды.

Халықты исбилерменликке тартыў, оларды қосымша дәрамат табыўға бағдарлаў бүгинги күнде ҳәким жәрдемшилериниң тийкарғы ўазыйпасы есапланады.

– Аймақ турғынларын бар имканиятлардан толық пайдаланыўға, дәраматлы мийнет арқалы жасаў шараятларын жақсылаўға, перзентлериниң келешеги ушын ҳәрекет етиўге умтылдырыў жумысымыздың тийкарғы бир бөлеги есапланады. Аймағымызда 755 шаңарақ, 3369 пуқара жасайды.

Мәкан пуқаралар жыйынындағы шаңарақлардың турмыс шараятларын үйренип, исбилерменлик пенен шуғылланыўы арқалы хожалығына қосымша дәрамат киргизиўге умтылысы бар турғынларға имканиятлар туўралы жол-жобалар көрсетилди. Соннан 62 пуқара кредит алып, жумыс пенен бәнтленип ҳәм дәрамат табыў мүмкиншилигине ийе болып, қосымша жумыс орны жаратылды. Сол себепли бир-еки адамды жумыс пенен тәмийинлегенликлерине кеўиллери тоқ, – дейди пайтахтымыздағы “Қурылысшы” мәкан пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси Нурлан  Джаугаштиев.

Елимизде инсан қәдир-қымбатын қәдирлеўге айрықша итибар қаратылар екен, демек ҳәр бир инсан келешегинен разы болып жасаўына, мақсет-режелерин иске асырыўына жәрдемлесиў ҳәм жол-жобалар көрсетиўде инсаныйлық пазыйлетимиздиң көриниси болады. Ҳәким жәрдемшиси Нурлан Джаугаштиевти жумыс барысында аймақта ушыратып, өз жумыс орнын жаратып, шаңарағындағылардың да бәнтлигин тәмийинлеген пуқаралар менен сәўбетте болдық.

– Шаңарағымыздың басшысы, Шейихназар Жаббарбергенов көп жыллар усташылық пенен халқымызға хызмет етти. Напақаға шығып  ер адам үйде қарап отырғысы келмей, Россия мәмлекетине жумыс ислеў ушын кетемен деп ойланып жүр еди. Ҳәким жәрдемшиси Нурлан баламыздың имканиятлар туўралы жол-жобалары менен шаңарақлық бәнтлигимизди тәмийинледик. Яғный, 33 миллион кредит алып, еки бас қара мал менен таўық алып, шарўашылық пенен шуғылланып атырмыз. Расын айтайын, узақ күнге ермек болды. Күнде ислейтуғын талабың бар. От-жемин таярлаў, суў-дәнин салыў дегендей ҳәрекетлеримиз де шаққанласты. Ал, мәйектиң базарының шаққанлығы соншелли, ем ушын алады. Айдан-айға пенсия ақшамыз қашан келер деп отырмайсаң. Сатсаң бәри қәрежет, қызым, – дейди бәнтлиги тәмийинленген Жеңисгүл Айтымбетова.

Буннан шығып, кейинги мәнзилимизге бардық.

– Жасы үлкен адам ушын ўақыт өтпейди. Қыс айы, күн узақ, жумыс жоқ. Өзимниң 36 жыл инжинер-механик болып жумыс ислеген тәжирийбелерим бар. Мәкан пуқаралар жыйынына барып, мәсләҳәтлесип, режелеримди айтып, 33 миллион кредит алдым. Қолымда өнерим бар, темир устасыман. Солай етип сварка, болгарки, тесиўши үскенелерди алып, қарыйдар талабына қарай буўыртпалар ислеп атырман. Тек Нөкис қаласы емес, районлардан да жумыс шықса, барып ислеп беремиз. М.Оразбаев, Б.Арзимовларды жәрдемши етип алып, жумыс пенен тәмийинлеўге еристим. Еле де жумысларымды кеңейтип, жумыссызларды бәнт етиў режелерим бар, – дейди напақадағы жумысшы Нагметулла Абдамбетов.

“Қурылысшы” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы басқа да шаңарақларда болып, жумыс пенен бәнт болып, қосымша дәрамат дерегине ийе болып атырғанларынан қуўанышлы екенликлерин билдик.

Аймағымыздағы ҳәр бир пуқараға өз жақынымыздай мүнәсибетте болыў, имканиятлардан туўры пайдаланыў арқалы жасаў шараятлары жақсыланып барыўын түсиндириў ҳәм қоллап-қуўатлаў мақсетимиз ҳәм жумысымыздың тийкары  деп және бир шаңарақ мәнзилине жол алған ҳәким жәрдемшисине халық алғысы менен шаршамаўын тиледик.

Аймақтың социал-экономикалық жақтан раўажланыўын  және де көтериў ушын мәҳәлле жетилиги тәрепинен алып барылып атырған жумыслар өз нәтийжесин берип, быйылғы жылы да табысларға ерисилиўи күтилмекте.

Зибира Абдиниязова,

Арнаўлы хабаршымыз.