Кеселликтиң алдын алыңлар

Ҳəзирги ўакытта халқымыздың аўкатланыўдағы өзгешеликлери, айырым аймақларда экологиялық жағдайға байланыслы республикамыз халқы арасында асқазан-ишек кеселликлери көбейиўине себеп болмақта. Асқазан ишек кеселликлеринен гастрит кеселлиги ең кең тарқалған кеселлик болып табылады.

Гастрит – асқазан силекей қабатының исиниўи менен кешиўши кеселлик. Бул кеселликтиң келип шығыўы тийкарынан аўқатланыў тəртибиниң бузылыўы, аўкат өнимлерин сақлаўда санитариялық-гигиена қағыйдаларын сақламаў нəтийжесинде жүзеге келетуғын инфекциялардың тəсири болыўы мүмкин.

Гастрит тосаттан өткир гастрит яки ўакыт өтиўи менен созылмалы гастритке  өтиўи мүмкин. Гастрит қəўипли кеселлик емес ҳəм дурыс емлениў арқалы тез саўалыўы мүмкин.

Ең көп ушырасатуғын белгилери: кеўил айныў, қайт етиў, ас сиңириўдиң бузылыўы, иштейдиң жоғалыўы, қарында аўырыў, аўзына жағымсыз дəм келиўи, қарынның исиўи, иш кетиў яки иш катыўы, хəлсизлик.

Ҳəр кандай кеселликтиң алдын алыў ушын ҳəр бир инсан өз саламатлығына бийпəрўа болмастан саламат турмыс тəризине əмел етсе мақсетке муўапық болар еди.  Биз пуқараларымызға физикалык шынығыўлар, туўры нәпес алыў, дурыс аўқатланыў ҳәм де кеселликтиң алдын алыў ушын өз ўақтында профилактикалық тексериўден өтиўин ҳəм де өз ўақтында ем алыўларын усынамыз.

Ж. МАТКАРИМОВА,

ҚР ИИМ Шыпакерлик бөлими поликлиникасы невролог шыпакери.