Пал ҳәррелери өз өмири даўамында гүлшира (нектар) топлаў ушын уясынан 80-130 мәрте ушып шығады. Бир күнде орташа жети жүз дана гүлге қоныўға үлгереди. Бир килограмм пал жыйнаў ушын бул жәнлик 13 мыңнан 300 мың километр узақлықты басып өтиўи мүмкин. Қанша урынбасын, бир кг палды жалғыз биреўи жыйнай алмайды. Себеби, ол бар-жоғы 30-35 күн жасайды. Палды бир уя ҳәррелер биригип жыйнайды. Ҳәррелердиң ислейтуғын жумыслары, атқаратуғын ўазыйпалары арқалы алмасып, азықлық зат жыйнаўға, ал, қанатларын силкитип қағыў арқалы уяларды тазалайды екен. Тек, ана ҳәррелер туқым қойыўы ҳәм нәсилди жаңалап турыўдан басқа жумыс ислемейди. Пал ҳәррелери таза, ағын суўды ишеди. Қай жерде болса да қыдырып таўады. Олардың және бир қәсийети уясынан азықлық жыйнаў ушын шықса, жыйнамай қайтпайды. Және өз уясын алжаспай табады.
Пал ҳәррелерине гүлшира жыйнаўда қараңғылық, булт, самал, түтин, суў ҳәм жалын (от) кесент етеди.
Барлық жанлы-жәниўарлар ашшы мийўени жақтырмайды. Ал, пал ҳәррелери адамзат ушын ажыратылған несийбени ашшы яки мазалы болсын қабыл қылады. Егер итибар берген болсаңыз, жайлаўда отлап жүрген маллар тикенли отлақлы жерлерге бармайды, қанатлы қуслар азар беретуғын мийўе тереклерге қонбайды. Ал, пал ҳәррелер ушын ашшы да, мазалы да, жақсысы да, жаманы да несийбе етип берилген.
Бир килограмм палда 3150 калория бар болып, органик кислоталардан алма, сүт ҳәм лимон кислоталары (В1, В6, В2, В3, В5, Е, К, С) витаминлери ҳәм де биостимуляторлар барлығы анықланған. Оның қурамында инсан организми ушын зәрүр болған қанд, минераллар, микроэлементлер, витаминлер, кальций, фосфор, йод бирикпелери, цинк, калий сыяқлы пайдалы затлар ушырайды. Сол ушын да палды иммунитетти көтериўши, саламатлықты тиклеўши пайдасы ушын пайдаланылады.
Бул мағлыўматлар Муҳаммаджон Жабборовтың “Асалдан шифо топишни истайсизми?” китабынан алынды.
Китаптағы мағлыўматлар оқыўшының қызығыўшылығын арттырып, кишкене жанлы жәнликтиң өмири, саналы рәўиште ҳәрекетленип мийнет етиўи, тиришилиги, сезгирлиги нәтийжесинде инсан саламатлығы ушын жетистирген кәраматлы өнимине тәсийин қаласаң.
Бул өнимге қыс айларында қарыйдар талабы күшли. Себеби, ҳәмме аязлаўға қарсы гүресиўге, иммунитетимизди көтериўге шыпа бағышлайтуғынын билемиз. Лекин, тәбийий таза палды ажырата алмай екиленип, таза пал ма ем ушын керек еди? деген сораўымыздан тәбийий пал сатыўшы ренжиўи мүмкин.
Китапты оқып, қызықлы мағлыўматлардан заўық алыў менен бирге саламатлығымыз ушын да керекли мағлыўматларға ийе боласаң. Өз мийнети менен тәбийий пал жетистирип атырған зәбердес дийхан, исбилермен менен сәўбетлескенимде, жоқарыдағы мағлыўматларды толығырақ тастыйықлаўынан өз исиниң пидайысы екенлигин билдим.
– 1980-жылы “Сағынбай палшы” фермер хожалығы болып, ата кәсибин даўам еттирип, халық алғысына ийе болған өмирлик жолдасым Шарбай Қалбаев мийнети менен пал жетистириўши болып көпшиликке танылды. 2007-жылға келип, жумысларын кеңейтиўди режелестирип, 1 миллион 400 мың кредит алды. Соның есабынан 2005-жылы Самарқанд ўәлатынан 10 ящик ҳәрре алып, еки жылдан соң 50 ящик ҳәрре болды. Усташылығы үлкен жәрдем болып, ящиклерди өзи ислеўи нәтийжесинде жумыс көлеми де үлкейип барды. Ҳәзир 120 ящик ҳәрремиз бар. Тынып-тыншымай инсан саламатлығына пайдасы болсын деп хызмет еткен хожалығымыз басшысы өткен жылы өмирден өтти. Ҳәзир баламыз Қонысбай Қалбаев атасынан үйренгенлерин ислеп, кәсибин даўам еттирип атыр, – дейди палшы апамыз Айгүл Қосбергенова.
Кишкене жәнликлерди тәрбиялаў, өсириў, көбейтиў қаншама мийнет талап ететуғынлығын кәсип ийеси ғана билиўи, түсиниўи ҳәм машқаласына көниўи мүмкин. Ҳәрре ящиклери, барлық ҳәрре уясына кирип болғаннан соң қараңғы яғный, түнги саат 12 ден кейин көшириледи. Олар кейин жабайы ҳәррелер жоқ, тәбияты ашық, таза суў ҳәм таза жерге, машын ҳәм темир жолларға жақын болмаған тыныш орынды қәлейди. Ҳәррелердиң сезгирлиги жоқарыда айтып өткенимиздей ҳәрре бағыўшыда темеки сыяқлы ҳәр қандай ашшы ийислери шығып турса жақтырмаўы, таза ящиклерде ғана жақсы туқым қойыўлары, саналығы, азадалығы тәсийин қалдырады. Аналық ҳәррелерди сақлап қалыў ушын тәрбия жумыслары, кишкене ҳәррелердиң үлкейиўи ушын витаминлердиң берилиўи бәри-бәри пал ҳәррешиниң ҳәр тәреплеме билими ҳәм мийнети нәтийжесинде мазалы өним жетистирип, қарыйдарларға жеткерилмекте.
Жыл даўамында тәбияттан тәбийғый палдан 2-2,5 мың тоннаға жақын пал алып, инсан саламатлығы ушын азда болса мийнетин сиңдирип атырған бул палшы шаңарақ ийелериниң мийнетлери баҳаланып, хошаметленип барылмақта.
Жақында аўыл хожалығы мийнеткешлериниң Зүрәәт байрамында Нөкис районының пал өндириўшиси музлатқыш пенен хошаметленди.
Исбилермен шаңарақ ийелерине жумысларының раўажын тилеп, машақатлы ислеринде табыслар тилеймиз.
“Ким тәбийғый палдан ҳәр айда үш мәрте ерте таңда жесе, ҳәр қандай кеселликке жолықпайды” (данышпан пикири).
Зибира АБДИНИЯЗОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
