Жүўери гүртиктиң мазасы

Жүўери гүртик дегенде мына ўақыя еске түседи. 2021-жылдың 3-сентябри күни еди. Тап сол күни таңда Ташкенттен келген поезд бенен Ташкент мәмлекетлик университетиниң журналистика факультетинде бирге оқыған курсласларым 60 жыллық тойыма бир күн бурын жетип келди. Сонда биз мийманларға халқымыздың миллий тағамы болған жүўери гүртикти таярлағанбыз. Түйе таўығымыз да семиз екен,тағамымыз жүдә мазалы болды.Қолға қараған жумыс болған соң оның қамырын қарып, жүўери гүртигин ислеўге қудағайым, бийкешим, келиним, қызларым ҳәммеси қатнасты. Ақыры, бул ата-бабаларымыздан мийрас, ҳәммени аўызбиршиликке шақыратуғын қарақалпақ халқының бирден-бир миллий тағамы еди. Гүртиклери де теңгедей домаланып шырайлы болып шықты.

Тағам таяр болған соң дастурханға тартылды.

Курсласларымның бәри де Қарақалпақстанда биринши рет болып, бул тағамды туңғыш рет татып көрип атырғанын айтысты. Соң оның таярланыў усылларын, атамаларын қайта-қайта сорап, биреўи қойын дәптерине жазып та алды. Тағамды жеп атырғанда ферғаналы достым Муқаддас жүўери гүртикти қолына услап отырып; «– Мунча ширин, бунга шакар қўшганмисиз?» – деп таң қалып сорағаны еле есимде. Биз бул тағамның сондай тойымлы ҳәм қумшекер қоспасаң да жүдә мазалы палдан татлы болатуғынын,өйткени жүўери унының қурамында Менделеев таблицасындағы барлық элементлердиң бар екенлигин айтып түсиндирсек, олар басын шайқап, таң қалысты.

Миллий тағамымыздың мийманларға унағанынан биз жүдә қуўанышлы болдық. Кеўилимизде жүўери гүртиктей татлы асымызға ҳүрметимиз тағы да артты сол сапары. Кейин тойымызға өмирлик жолдасы Махмуджон менен бирге келген Муқаддас достыма халқымыздың дәстүри бойынша «қуўыс үйден қуры шықпа»деп қарақалпақша миллий жеңсиз кийгиздим. Жеңсиз жүдә жарасымлы болды.

Ертеңине олар юбилей кешемде театрда сахнада сөзге шығып студентлик жылларымызды еске түсирди. Мениң адресиме жүдә жақсы сөзлер айтты.Жиззақлы Ахмад Болибеков пенен ферғаналы Бахадыр Холметовлар мениң студент ўақтымнан талапшаң болғанымды айтып, инсаныйлық пазыйлетлериме де бираз тоқтады. Оннан кейин сахнада ферғаналы достым Муқаддас Ахмаджонова болса, оның «Тахир ҳәм Зухра» дәстанын ҳеш қандай қәлем ҳақысыз қарақалпақшалап «Қарақалпақ әдебияты» газетасында жәриялағанымды, ташкентли балалар шайыры, курсласымыз Равшан Исоқов балалар қосықларын қарақалпақшалап «Өпепек» қосықлар топламында жәриялағанымды айтып,маған өз миннетдаршылықларын билдирди. Бул сөзлерден, досларымның юбилей кешеме мийман болып келгенинен мениң төбем көкке жетти.

«Сөз сөзден шығады, сөйлемесең неден шығады» дегендей бул сөзлердиң бәри айланып келгенде жүўери гүртиктен келип шығып еди ғой. Ҳәзирге шекем курсласлар менен ушырасып қалсам сол миллий тағамымыз болған жүўери гүртикти ҳүрмет пенен еске алады. Сондайда бизлердиң усындай миллий тағамымыз барынан көкирегимизде мақтаныш сезимлери оянады. Бүгинги байрам сол сезимлеримизди байытады, халқымызды тағы да аўызбиршиликке шақырады. Тыныш елге байрамлар жарасады.Байрамларымыз байрамларға уласа берсин, әзиз дослар!

Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА.