Қазақстан Республикасы Алматы қаласында, Халықаралық журналистика ҳәм коммуникация қысқы мектебинде Орайлық Азия – Қытай журналистика изертлеўшилери ассоциациясы менен АI технологиялары, жасалма интеллект бойынша халықаралық конференция болып өтти.
Конференцияға Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң профессор оқытыўшылары ҳәм студент жаслары қатнасты.
Бул илимий конференция журналистикада жасалма интеллекттен пайдаланыў имканиятларын ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм таллаў ушын әҳмийетли майдан болды. Қатнасыўшылар тек ғана теориялық билимлерге ийе болып қалмастан, ал әмелий сабақлар арқалы заманагөй санлы технологиялар менен жақыннан танысып, оларды өз жумысларында қолланыў бойынша баҳалы тәжирийбе арттырды.
Конференция даўамында жасалма интеллекттиң журналистикада қалай ислеўи, оның тийкарғы принциплери, ислеў алгоритмлери ҳәм заманагөй мәлимлеме майданында тутқан орны ҳәр тәреплеме додаланды. Әсиресе, журналистлер ушын пайдалы болатуғын жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын бағдарламалар ҳәм платформалар менен танысыў имканияты жаратылды. Мәселен, автоматластырылған текст анализи, мағлыўматларды жедел қайта ислеў, мағлыўматларды визуалластырыў ҳәм жалған мәлимлемени анықлаў сыяқлы әҳмийетли бағдарлар бойынша әмелий шынығыўлар шөлкемлестирилди.
Конференцияда жасалма интеллекттиң журналистикаға келтиретуғын тийкарғы пайдаларына да айрықша итибар қаратылды. Жасалма интеллект үлкен көлемдеги мағлыўматларды қысқа ўақыт ишинде таңлап алады, әҳмийетли мағлыўматларды ажыратып береди ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырады. Жасалма интеллект тийкарындағы қураллар мақалаларды редакторлаў, грамматикалық қәтелерди дурыслаў ҳәм мақалаларды жедел түрде жаратыўда жәрдем береди. Медиа тараўында жасалма интеллект арқалы аудитория қызығыўшылықларын таллаў, әҳмийетли темаларды анықлаў ҳәм жаңалықлардың аудиторияға тәсирин баҳалаў мүмкин.
Ҳәзирги күнде фейк жаңалықлар машқаласы әҳмийетли болып, жасалма интеллект текстлердеги надурыс ямаса манипуляциялық мәлимлемени анықлаўда журналистлерге үлкен жәрдем береди ҳәм интеллект сүўрет ҳәм видео редакторлаўда, даўыс синтези ҳәм автоматластырылған субтитр жаратыўда да үлкен имканиятларды усынады.
Наргиза РАМБЕРГЕНОВА,
Қарақалпақ филологиясы ҳәм Журналистика факультети, 3-курс студенти.
