Жаңаланыў байрамы

Гүллән халқымызды нурлы сезимлерге бөлеп, кеўиллерди толқытатуғын көркем нәўбәҳәр паслының әжайып байрамларының бири Наўрыз. Бул қутлы сәнени бәрше шығыс халықлары асығыслық пенен күтип, салтанатлы түрде нышанлаўды үрдиске айландырған. Көп миллетли халқымыздың бай руўхый қәдириятлары, атадан балаға өтип, қәстерленип сақланып киятырған гөззал салт-дәстүрлери Наўрыз тамашаларында өз сәўлелениўин тапқан. Елимиздиң барлық аймақларында жаңаланыў, ояныў ҳәм мусылманлардың жаңа жыл байрамы аўызбиршиликли түрде өткериледи. Бул күни халқымыз жарасықлы, миллий липасларды кийип улыўма халықлық сейилге шығады. Үлкен қазанларда мазасы таңлайда татырлық сүйикли тағамлар писирилип, нийет етилип, дәм татылады. Дийқан бабаларымыз жақсы нийетлер менен жерге ырыс дәнлерин шашады.

Бәрше заманласларымыздың жүз-көзлеринен байрам нәпеси, байрам қуўанышлары сезилип турады. Бундай мәўритлерде ҳеш ким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмайды. Жақынлар, дос-яран ҳәм туўған-туўысқанлар себеп пенен бир-биринен хабар алып, ҳал-жағдайларын сорап, кеўиллериндеги ең жақсы тилеклерин билдирип, байрам шадлықларын бирге бөлисиўге умтылады.

Барлық ғам-тәшўишлер, өкпе-гийнелер умытылып, мәлеллесип қалғанлар жарасып, бир-бирин көздиң қарашығындай қәстерлеп жасаўды мақсет етеди. Демек, бул байрам бизиң тыныш-татыў ҳәм абадан турмысымыздың, бахытлы күнлеримиздиң тымсалы болып есапланады. Әсиресе, ғәрезсизлик жылларында Наўрыз әййамының мәнис-мазмуны еле де кеңейип, ел-халқымыз оның қәдир-қымбатын тереңнен сезинип жетпекте.

И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде де Наўрыз байрамы ҳәр жылы көтериңки руўхта жоқары дәрежеде өткериледи. Мектебимиздиң оқытыўшылары ҳәм оқыўшы жаслары жәмлесип, сыйласықлы түрде байрам тағамларын таярлайды. Байрам тәбият қойнында, ашық аспан астында өткерилетуғын болғанлықтан, мүнәсип түрде белгилеў ушын бәҳәрдиң дәслепки күнлеринен баслап мектебимиздиң дөгерегинде көклемзарластырыў, абаданластырыў ислери алып барылып, ҳәр қыйлы мийўе тереклери, шырша ағашлары егиледи. Билим дәргайымыз дөретиўшиликке бағдарланғанлықтан, елимизге белгили көркем сөз шеберлери, жас қәлемкешлер байрам кешесине мирәт етилип, көркем әдебият дөгерегинде сәўбетлесиўлер жүргизилип, сыясы кеппеген қосықлар оқылады. Усындай дөретиўшилик орталықтан илҳамланған оқыўшылар сабақларынан жақсы баҳаларға оқып, талант ҳәм қәбилетлерин жетилистирип, теңлеслерине үлги болыўға тырысады.

Сөзимиздиң жуўмағында бәрше заманласларымызды Шығыс халықларының гөззал байрамы менен шын жүрегимизден қутлықлап, байрамда жақсы тилеклердиң иске аса бериўин тилеймиз.

Ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!

Амангүл МАШАРИПОВА,
И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниӊ тәрбияшы-педагогы.