Жаңа пәрман

Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын комплекс раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы және бир өз алдына әҳмийетли Пәрманы қабыл етилди.

Усы Пәрманда көрсетилиўинше:

2025-2026-жыллар даўамында аўыл хожалығына арналған жерлерди ижараға бериў тәртиби жеңиллетиледи, яғный:

Мүддетин кейин ала созыў имканияты менен ижара мүддети 30 жылдан 49 жылға узайтылды.

35 мың гектар бос турған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылады.

– электрон онлайн аукцион саўдаларында жер участкасының басланғыш баҳасы жер участкасының нормативлик баҳасының 20 проценти муғдарында, қайта пайдаланыўға киргизилетуғын жер участкаларының басланғыш баҳасы нормативлик баҳасының 10 проценти муғдарында белгиленеди;

– жер участкасының баҳасын 10 жыл даўамында бөлип төлеўге рухсат бериледи.

Электрон онлайн аукцион саўдалары арқалы ажыратылатуғын аўыл хожалығына мөлшерленген барлық түрдеги жер участкаларын ижараға алыўшылар аўыл хожалығы егинлериниң түрлери ҳәм көлемлерин, сондай-ақ, оларды жетистириў ҳәм агротехникалық илажларды өткериў усылларын бийғәрез жеке өзи белгилейди.

Ижараға берилетуғын жер участкаларының шетлеринде, 20 сотыхқа шекем өлшемде мүлк ҳуқықысыз жеңил конструкциялы музлатқышлы қоймаханалар, сортлаў, қайта ислеў ҳәм қадақлаў объектлери, суўды үнемлейтуғын технологиялар, суў сақлаў ҳәўизлери, атыз шертеклери ҳәм техника парклерин қурыўға рухсат етилди.

Р.ЕСИМБЕТОВ,
«Электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў» АЖ Қарақалпақстан Республикасы аймақлық ўәкили.