ХАЛҚЫМЫЗҒА ЖАҢА ЖЫЛ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

Қəдирли Ўатанласлар!
Әзиз дослар!
Сизлерди көп миллетли халқымыздың кеўиллерине өзгеше қуўаныш, илҳам-йош, үмит ҳəм исеним бағышлап, бəршени жəне де үлкен дөретиўшилик ислерге руўхландырып атырған қутлы əййям – Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман.
Халқымыздың пидəкерлик мийнетлери ҳəм Ҳүрметли Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы менен 2025-жыл Қарақалпақстан ушын табысларға толы, умытылмас тарийхый ўақыяларға бай ҳəм берекетли жыл болды, деп исеним менен айта аламыз.
Әсиресе, көп миллетли халқымыз үлкен қуўаныш пенен күтип алған тарийхый ўақыя – миллий мийрасларымыздың сайланды үлгилери болған «Қобыз соғыў ҳəм атқарыўшылық өнери» ҳəм де Қара үйимиз ЮНЕСКОның материаллық емес мəдений мийрасты қорғаў дизимине киргизилгени халқымызда мақтаныш сезимлерин оятты.
Сондай-ақ, изде қалып баратырған жылда халқымыздың ийгилиги жолында хызмет ететуғын жаңа жойбарлардың əмелге асырылғаны елимизге шын мəнисиндеги жаңаланыў нəпесин алып келип, халқымызды турмыстан разы етиўге беккем тийкар болмақта.
Атап айтқанда, «ACWA Power» компаниясы тəрепинен Қоңырат, Қараөзек ҳəм Беруний районларында қуўатлылығы 7,2 мың мега-ваттлық баҳасы 8 млрд. 600 млн. доллар болған гигант самал электр станцияларының қурылыс жумыслары басланғаны, соннан Қараөзек районында 16 самал турбина генераторы қурылып, иске түскени – халқымыздың ҳəм экономикалық тармақлардың энергия ресурсларына болған талабын жақсылаўда əҳмийетли орын тутатуғын, бурын болмаған тарийхый ўақыялар қатарына киреди.
Соның менен бирге, барлық мəмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жəми 900 ден аслам объектте дерлик 4 трлн. сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары əмелге асырылмақта.
Соның ишинде Нөкис қаласындағы суў тазалаў объектинде алып барылған 86,6 млрд. сумлық реконструкция жумыслары нəтийжесинде қуўатлылығы суткасына 60 мың куб. метрден 95 мың куб. метрге жеткерилген болса, Нөкис районында 263 км. ишимлик суў тармақлары ҳəм объектлеринде 11,4 млн. долларлық қурылыс-оңлаў жумыслары əмелге асырылып, халықты таза ишимлик суў менен тəмийинлеў дəрежеси 68,4 проценттен 90 процентке жеткерилди.
Буннан тысқары, Бозатаў районында жылына 6 мың пуқара дем алыў ҳəм саўалланыў имканиятына ийе болған заманагөй санатория пайдаланыўға тапсырылғанын, Нөкис қаласында Гимнастика орайы ҳəм Гүрес шеберлиги мектеби жаңадан бой тиклегенин, барлық шараятларға ийе Өзбекстан мəмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының жаңа оқыў имараты ҳəм бир ўақыттың өзинде 1200 абитуриент тест сынақларын тапсырыў имканиятына ийе мəмлекетлик «Тест орайы»ның қурып питкерилгенин халқымыз айрықша қуўаныш ҳəм мақтаныш пенен тилге алмақта.
Жоқарыдағылар менен бир қатарда, исбилерменлерге жаратылған кең имканиятлар нəтийжесинде 2025-жылы инвестиция бағдарламасы шеңберинде улыўма баҳасы 8 трлн. 300 млрд. сумлық 591 кəрхана иске түсирилип, 12 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Соннан Нөкис қаласында жылытыў радиаторларын, ийирилген жип ҳəм базалт минералынан ыссылық сақлаўшы материаллар ислеп шығарыў, Кегейли районында LDSP өнимлерин, Мойнақ ҳəм Қоңырат районларында дуз ислеп шығарыў ҳəм дузды қайта ислеў, Хожели районында териден аяқ кийим өнимлерин ислеп шығарыў ҳəм балықшылықты раўажландырыў, Тахтакөпир районында көп тармақлы шарўашылық, сүт, жүн ҳəм ун өнимлерин қайта ислеп шығарыў кəрханаларының иске түскени экономикамызды беккемлеўде ҳəм халқымыздың абадан турмысын тəмийинлеўде айрықша орын тутатуғын ийгиликли ислерден болып табылады.
Қалаберсе, туризмди раўажландырыў бағдарында Нөкис қаласында халықаралық бренд астында «Рамада» мийманханасы жумыс баслаған болса, Тахтакөпир районында көп миллетли халқымыздың миллийлигин өзинде жəмлеген «Тах-төбе» этно-аўылы пайдаланыўға тапсырылды, соның менен бирге, «Нөкис – Ақтаў» авиақатнаўы ҳəм «Нөкис – Үргениш» поезд катнаўы жолға қойылды, буннан тысқары, бүгинги күнде Нөкис қаласында баҳасы 78 млн. долларлық заманагөй 5 жулдызлы мийманхана, Конгресс-холл комплекси ҳəм 22 қабатлы 2 турақ жай қурылмақта.
Әлбетте, бундай ийгиликли ислерди əмелге асырыўда өткен қысқа дəўир ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген 25 тен аслам тарийхый Пəрман ҳəм қарарлардың тутқан орны айрықша болмақта.
Ҳүрметли Ўатанласлар!
Ҳүрметли Президентимиздиң 2025-жыл 26-декабрь күни Олий Мажлиске ҳəм халқымызға жоллаған Мүрəжатында халқымыз тəғдири ҳəм елимиз келешеги менен байланыслы оғада əҳмийетли мəселелерге итибар қаратып, кешиктириўге болмайтуғын анық ўазыйпаларды белгилеп берди ҳəм бул ўазыйпалар «Мəҳəллени раўажландырыў ҳəм жəмийетти илгерилетиў жылы» деп жəрияланған 2026-жылда бəршемизди уллы ислерге баслаўына исенемиз.
Солай екен, жаңа жылда да халқымыздың турмыс дəрежесин буннан былай да жақсылаў, кəмбағаллықты қысқартыў, мəҳəллелерди раўажландырыў, социаллық қорғаўға мүтəж инсанларға жəрдем көрсетиў, жасларды, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў сыяқлы бир қатар мəселелер тийкарғы ўазыйпаларымыздан болып қала береди.
Сизлерди жəне бир мəрте Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, бəршеңизге беккем денсаўлық, талмас күш-ғайрат ҳəм мол табыслар тилеймен.
Жаңа жыл ҳəр бир шаңараққа аманлық, берекет ҳəм қуўаныш алып келгей!

А.ОРЫНБАЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы.