ЖАҢА ЖЫЛ СЕЗИМЛЕРИ

Тыныш ҳәм абадан турмыста жасап атырған көп миллетли халқымыз үлкен арзыў-үмитлер менен жаңа 2026-жылды күтип алды. Усындай мәўритлерде бәршемиздиң кеўлимизди ағла сезимлер бийлеп алып, өмирдиң қәдир-қымбатын, гөззаллығын еле де тереңнен сезине басладық. Жыл басында басып өткен жолымызға нәзер салып, болып өткен ўақыя-ҳәдийселерге, әмелге асырған ислеримизге баҳа берип, ҳәр биринен керекли сабақларды алыўға умтыламыз. Өткен 2025-жыл даўамында халық хожалығының барлық тараўларында тилге тийек етип айтарлықтай ийгиликли ислер әмелге асырылды. Бул бағдардағы ислер жаңа жылда да даўам еттирилетуғынлығына исенемиз.
Қала ҳәм аўылларымыз күннен-күнге шырай ашып, көркейип, жаңаланып атырғанлығын бақлап, кеўлимиз ерксиз толқынланады. Биздей дөретиўши инсанлар пайтахтымыздың теңсиз жамалынан илҳамланып, жүрек сезимлеримизди ақ қағаз бетлерине түсирип, заманласларымызға жеткериўге асығамыз. Ҳәр күни ерте таңнан жумысқа атланар екенмен, әтираптағы унамлы өзгерислерди дыққат пенен гүзетиўге талпынаман. Бүгинги Нөкис кешеги Нөкистен пүткиллей парықланып турады. Арқа автовокзал жанында жақында ғана қурылыс ислери басланып, бүгинги күнде жуўмақланыў алдында турған көп қабатлы зәўлим имаратларды көрип, бул жерлердиң кешеги көринисинен пүткиллей өзгерип кеткенлигин көрип шадлыққа бөленемиз. Пайтахтымыздың барлық орынларында усындай қурылыс ислери дерлик жыл даўамында бир демге тоқтаў билместен алып барылмақта. Сулыў ҳәм заман талапларына сай етип қурылған көркем имаратларда бахытлы шаңарақ ийелериниң өмир сүрип, өриси кеңейип атырғанлығын көрип кеўлимизде сүйиспеншилик сезимлери оянады. Соңғы жыллар ишинде халқымыздың жасаў шәраятларының анағурлым дәрежеде жақсыланғанлығы ҳақыйқат. Дерлик көпшилигинде ыссы суў, муздай суў сарқырап ағып тур, интернет тармақларына жалғанған, телевизорлардың ең жақсылары төрине сән берип тур. Кир жуўыў машиналары болса үй бийкелериниң жумысын жеңиллетип атыр. Соның менен бирге, көпшилик заманласларымыз соңғы маркадағы машиналарды минип, көшелерди толтырып зымырап баратырғанлығының гүўасы боламыз. Булардың бәршеси бүгинги күнде халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмыста жасап атырғанлығының айқын дәлили.
Демек, бәршемиз усындай жақсы турмыстан ырза болып, кеўлимиз толып, алтын бесигинде тербеткен Ана-Ўатанымыздың еле де гүллениўи ушын ҳадал хызмет етиўимиз дәркар. Ийни келген жерде айтып өтиўимиз керек, ким халық ийгилиги жолында пидәкерлик пенен мийнет етсе, сол инсан ел-журттың алғысына ерисип, мийнетлери мүнәсип түрде баҳаланбақта. Итибар ҳәм хошамет болса, өз нәўбетинде алдағы ўақыттағы кеўлимизге түйген арзыў-нийетлеримизди әмелге асырыўға руўхландырып, тынбай ҳәрекет етиўге бағдарлайды.
Бүгин елимиздиң барлық аймақларында, мәкеме-шөлкемлерде, шаңарақларда байрам нәпесин сезиўимизге болады. Жаңа жыл байрамының тымсалы есапланған шырша ағашлары сулыў ойыншықлар ҳәм рәң-бәрең шырақлар менен безетилип, көрген көзлерди қуўандырмақта. Мүшел жылы бойынша быйылғы жыл – жылқы жылы саналады. Әзелден атлардың инсанға дос, опадар, қайырқом ҳәм тилеклес болатуғынлығы ҳаққындағы түсиниклер халқымыз арасында қәлиплескен. Усыннан келип шығып, жаңа жылымыздың жақсы жыл болып келетуғынлығына исенемиз. Тулпарларға шабыслар жарасқаны сыяқлы, биз инсанларға да қайырлы ҳәм саўаплы ислер жолында желип-жортыў, алға умтылыў жарасып, өмиримизге мазмун бағышлайды. Илайым, үлкен өмир соқпақларында сүрникпей, айдын мәнзиллерге жетиў бәрше заманласларымызға несип еткей!
Сөзимиздиң жуўмағында гүллән халқымызды босағамызды қағып, кирип келген жаңа 2026-жыл менен шын жүрегимизден қутлықлап, кеўил төримиздеги ең жақсы тилеклеримизди билдиремиз. Жаңа жылдың ҳәр бир инсанға, ҳәр бир шаңараққа берер сый-инамлары, қуўанышлары мол болғай!
Ҳүрметли газета оқыўшылары! Жыллардан жылларға аман-есенликте, баўры пүтинликте жетип жүре бергейсизлер! Жаңа жыл өмириңизге гөззал ҳәм бахытлы мәўритлерди инам еткей!
Хош келдиң, үлкеме аппақ жаңа жыл,
Тилегимиз: қутлы келгей қәдемиң!
Шынтлап иске асқай нийетлер ҳасыл,
Бахыт қусы болғайсаң кең әлемниң.

Сүйсиндирип кеўиллерди шабысы,
Дүрсилдетип кирип келди ат жылы.
Пайызға бөленип өмир жағысы,
Арзыўлар жақтыртты адамзат жолын.

Жаңа жылды қарсы аларда мудам,
Шийрин балалыққа қайттық бир демге.
Сол бахытлы шақта яр болған мудам,
Бүгин және излеп келди иргеме.

Үлкен мақсет, жаңа режелер менен,
Гөзледик шығыўға асқар шыңларға.
Өмир ҳикметлерин уғып тереңнен,
Жаңа таңның гөззал жырын
тыңларман.

Өрнек алып шабысынан
тулпардың,
Ўатан ушын хызметке
бел буўындым.
Жетилисип сабағынан
жыллардың,
Сезимлерден
қосықларым туўылды.
Бахытлы
САРЫБАЕВ,
ϴзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы оқытыўшысы.