ЖАҚЫНЛАРЫҢЫЗҒА ЖАҢА ЖЫЛ ҚУТЛЫҚЛАЎЫҢЫЗ

– Достым, Жаңа жыл жақынласпақта. Қаламызда жаңа жыл бурынғыдан ертерек басланып, кеўлимизге қуўаныш бағышламақта.
– Ҳәй, достым несин айтасаң. Кеше ғана Жаңа жылды күтип алған едик, көзди ашып жумғанша және Жаңа жыл есигимизди қақпақта.
– Аўа да, өмирдиң заңы, дүньяның ғалмағалы менен күнимизди-күнге, айымызды-айға, жылымызды-жылға уластырып өтип атыр. Жылдан өкпемиз жоқ. Тийкары елимиз тыныш, кеўлимиз қәтержам.
Балалық ўақытларымызда байрам туўылған күнлеримизде ата-анамызға шатақ шығарып, таза кийим әпермедиң ямаса қыдыртпадың деп көп өкпелейтуғын едик. Мине, енди сол қылықларымды еслеп, ата-анам байғус байрамда бир келмеди-аў деп қызына өкпелеп отырған шығар деп, жүрегим елжиреп отырғаным.
– Несин айтасаң достым, шаңарақлы болып кеткен ул-қызларымыз байрамларда қутлықлап келмесе, қапа боламыз-дә, бирақ өзимиз анамызды бир буўат гүл яки орамал менен барып, еки саат ўақтымызды ажырата алмаймыз.
Еки есик бар, бири ул-қызыңның, бири ат-ана есиги. Биринши ул-қызыңның есигине талпынып ашқың келеди, себеби, баўырыңнан жаралған. Екинши есикте, сени баўырынан жаратқанлар, тек сениң тилегиңдегилер, – деп анам пақыр көп айтатуғын еди.
Ата-анам мениң бала-шағалы жағдайымды түсинеди-ғо, қуда қәлесе ендиги Жаңа жылда барлық тәшўишлеримди жыйнастырып, ең әўели ата-анамды қутлықлап бараман, – деген ойларым быйыл да иске аспады. Себеби, жақында ғана шаңарақлы болған қызым, қуда-қудағайым менен келетуғын болды. Телефоннан-ақ “Туўысқанлар” каналына видео, қутлықлаў яки стикерлерди жиберип-ақ кеўлин алып, жағдайымды айтарман. Маған өкпелемейдиғо сирә.
Ой түбине сүңгитетуғын сырлы өмир соқпақлары. Аўа-дә соқпақ жоллар, гүзар жолларға айланып, дара-дара өмир жолларына бөлинди. Түби бир шаңарақтың шақасы көбейди. Аллаға мың қәтле шүкир деймиз.
Қолымыздағы телефон баўырымызға айланып, жасалма туўысқаншылығымызды арттырып атырғанын айтамызда қоямыз. Ал, соңғы жыллары интернеттен таяр қутлықлаў, видеолар менен стикерлерди тартып алып жақынларымызға жиберемиз. Бир-еки қатар кеўлимизден шыққан сөзлерди жазыўдан жырақластық. Себеби, ўақыт жоқ. Бул бир-биримизге деген сыйласықты, аўызбиршиликти ҳәм меҳир-ақыбетти жойтыўы сөзсиз. Дана халқымызда ҳикметли сөз бар. “Меҳир бер, меҳир талап ет”. Ата-анамызға, ул-қызымызға, жақынларымызға меҳир-ақыбетли болайық.
Байрамларда, туўылған ҳәм қуўанышлы күнлеримизде айрықша меҳир, әжайып шийрин сөз бенен бир-биримизди қутлықлайық.
Жаңа жылда жүрегиңизден шыққан жаңа жыл қутлықлаўларын күтемиз!

Зибира АБДИНИЯЗОВА,
арнаўлы хабаршымыз.